Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.02.2020 16:22
  • 1366

Той-мерекелерди өткериў тәртибин бузғанлар қанша муғдарда жәрийма төлейтуғынлығы мәлим болды

Той-мерекелерди өткериў тәртибин бузғанлар қанша муғдарда жәрийма төлейтуғынлығы мәлим болды
Нызамшылық палатасының гезектеги улыўмалық мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты, деп хабар берди «Kun.uz» сайты.
Нызам жойбары менен тойлар, шаңарақлық мерекелер, мәресимлерди өткериў тәртибине қойылатуғын улыўмалық талапларға әмел етпегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилениўи нәзерде тутылмақта.
Усы тәртипти той-мерекелерди өткериўши адам тәрепинен бузыў – базалық есаплаў муғдарының 10 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 2 230 000 сумды қурайды) муғдарында жәрийма салыўға себеп болыўы нәзерде тутылмақта. Тойхана, кафе ҳәм ресторанлардың жуўапкер тәреплери усы тәртипти бузса, базалық есаплаў муғдарының 30 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 6 690 000 сумды қурайды) муғдарында жәрийма салыўға алып келеди.
Нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықлар ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан соң бир жыл даўамында қайтадан әмелге асырылған болса, базалық есаплаў муғдарының 50 есеси (ҳәзирги ўақытта бул 11 150 000 сумды қурайды) муғдарында жәрийма салыўға себеп болыўы белгиленбекте.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен концептуаллық тәрептен қабыл етилди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы