Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.03.2020 15:25
  • 1074

«Мамый» АПЖ турғынларының машқалалары үйренилди: Жумыссыз жасларға бир гектардан егислик жер берилди

«Мамый» АПЖ турғынларының машқалалары үйренилди: Жумыссыз жасларға бир гектардан егислик жер берилди
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген «Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў ҳәмде шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилген еди. Пәрман орынланыўы бойынша Республикамыздың барлық аймақларында халық арасында үгит-нәсиятлаў,оның мәнис-мазмунын кең түрде түсиндириў ҳәм әмелде ен жайдырыў жумыслары алып барылмақта. Усы тийкарда Шоманай районы «Мамый» аўыл пуқаралар жыйынында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарға Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊаракты қоллап-қуўатлаў Министри С.Турманов, Сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, аўыл ҳәм мәкән пуқаралар жыйынлары ақсақаллары, тийисли мекеме ҳәм шөлкем басшылары қатнасты.
Өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊаракты қоллап-қуўатлаў Министри С.Турманов ҳәм Шоманай районы ҳәкими Б.Янгибаев «Мамый» аўыл пуқаралар жыйынындағы шаӊарақлардың жасаў жағдайлары ҳәм турмысында ушырасып атырған машқалаларын үйренди. Үйрениўлер бойынша халық арасында ушырасып атырған машқалалардың бири жумыссызлық екенлиги сөз етилип, сол орынның өзинде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийнлеў бойынша районлық Бәнтликке көмеклесиў орайына тийисли тәртипте тарсырмалар ҳәм пуқараларға жолламалар берилди.
«Мамый» АПЖ турғынларының машқалалары үйренилди: Жумыссыз жасларға бир гектардан егислик жер берилди
Илажда «Мамый» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы имканияты шекленген бирақ, жумыс ислеўге мейилшилиги бар болған пуқаралар жасаўшы шаңарақлардың үй алды қыйтақ жерлерине район ҳәкимлиги тәрепинен берилген мийўе нәллерин отырғызыўда басшылардың белсендилик көрсеткенлиги ҳәм халық арасында жүрип, пуқаралардың тилек-өтинишлерин тыңлап, машқалаларын шешиўде жәрдем берип атырғанлығы аўыл турғынлары арасында үлкен тәсир қалдырды.
«Мамый» АПЖ турғынларының машқалалары үйренилди: Жумыссыз жасларға бир гектардан егислик жер берилди
Айтып өтиў орынлы, басшылар тәрепинен жаслардың бәнтлигин тәмийнлеўге айрықша дыққат итибар қаратылды. Усы тийкарда АПЖ турғынлары болған 3 жасқа районлық ҳәкимияты фонды жер майданлары есабынан 1 гектардан жер берилди.
- Барлық тараў басшылары, лаўазымлы шахслар халық арасында жүриўи, олардың жасаў жағдайы, турмыс шәраяты, машқалалары ҳәм дәртин тыңлаўы, оларға шешим табыўда шын кеўилден көмеклесиўи шәрт. Халқ бизден разы болып, өз турмысында мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалар, халық ийгилиги жолында қабыл етилип атырған қарарлар, нызамлар ҳәм пәрманлардың ҳақыйқый сәўлесин, орынланыўын көре алыўы ушын хызмет етиў бизиң баслы ўазыйпамыз есапланады. Солай екен, ҳәр бир ўатанласымыз халқымыздың абадан турмысын тәмийнлеўде өзиниң үлесин қоса алыў ең уллы ис екенлигин терең сезиниўи керек. -дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаӊаракты қоллап-қуўатлаў Министри С.Турманов.
Өткерилген илаж район аймағындағы барлық аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында да даўам етеди.

Ж.ИСКЕНДЕРОВ.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...