Telegram karinform

Мақала

  • 24.04.2017 23:01
  • 2814

Ғарғыс еситкен балалар…

Бала ақ қағазға мегзейди. Бул қағаз бетлерине тек жақсы сөзлер жазылыўын қәлеймиз. Бирақ …
Наполеон Банопартты анасы ҳәр таӊда: «Балам, бүгин сени уллы ислер күтпекте» деген сөзлер менен оятқанын көпшилигимиз еситкенбиз. Сонлықтан да, ол өзиниӊ уллы ислерди ислей алыўына исеним менен ҳәр таӊды күтип алған. Дүнья жүзиндеги еӊ жақсы әскербасылар қатарынан орын алған. Бәлким, бул анасыныӊ ҳәр таӊда айтқан сыйқырлы сөзлериниӊ нәтийжеси болса әжеп емес.



Арамызда баласына унамсыз, жағымсыз сөзлерди айтып атырған адамлар көплеп ушыратыўға болады. Балалары унамсыз ҳәрекетлерди ислесе, тәртипсизлик етсе ғарғыс сөзлер менен оларды «сыйлайтуғынлар» да бар. Ал, айырым ўақытлары тыныш отырған балаға «ҳә, ийттиӊ баласы» деп еркелеткен боламыз. Лекин, буны еркелетиўши сөзлердиӊ қатарына қосыў орынлымекен? Буннан басқа да, айырым ата-аналар балаларына ийттиӊ баласы, ийттиӊ туўғаны, жүўернемек, қудайдан тапқыр, қанқусқыр сыяқлы сөзлерди айтады. Бундай сөзлерди еле де даўам еттириў мүмкин. Усындай сөзлерди еситип ержеткен баладан дүньяға белгили алымлар, илимпазлар, еӊ жақсы әскербасылар жетилисип шығыўы мүмкинбекен? Бәлким, бул сөзлер балалардың келешегин белгилер…

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,