37-санлы «Сүўенли» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине депутат болып сайланған, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының ағзасы Табассум Рўзметова Хожели районы ҳәкими Жеңис Ермашевке депутатлық сораўын жиберди.
Партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Айгүл Өтениязованың «Facebook» тармағындағы өз бетинде мәлим етиўинше, район ҳәкими Ж.Ермашев депутатлық сораўын жуўапсыз қалдырмастан, райондағы «Нурлы жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы «Қызыл көпир» көшесине ишимлик суўын тартыў бойынша жумысларды басландырып жиберди.
Көше арнаўлы техникалар жәрдеминде қазылып, суў өткериўши қубырлар тартылып, көше турғынлары ишимлик суўы менен тәмийинленди.
«Бүгингидей карантин шараятында бул жаңалық үлкен әҳмийетке ийе болып, буннан көше турғынлары оғада миннетдар болмақта», - деп жазады пост авторы.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz