Гренландияда коронавирус инфекциясы менен наўқасланғанлардың барлығы саўалып шықты. Сондай-ақ, вирус жуқтырған басқа наўқаслар анықланбады.
«High North News» басылымының хабар бериўинше, дүньяда коронавирус пандемиясы басланғанлы берли Гренландияда «COVID-19» коронавирус инфекциясын жуқтырыў менен байланыслы 11 жағдай анықланған. Олардың барлығы Гренландия пайтахты Нууктың турғынлары болып табылады. Бул Гренландиядағы ең көп адам жасайтуғын қала болып, бул жерде 18 мыңға шамалас халық жасайды.
Гренландияның улыўма халқының саны улыўма 57 мың адамды қурайды. Бул жерде ҳүкимет 900 дан аслам адамды тексериўден өткерди.
Ҳәзирги ўақытта усы 11 наўқас толық емленди. Соңғы мәрте вирус жуқтырыў жағдайы 4-апрельде анықланған болып, соннан берли наўқасланыў жағдайы басқа ушыраспады.
Бул атаўда коронавирустың тарқалыўы тоқтағанын аңлатады. Гренландия ҳүкимети карантин шеклеўлерин басқышпа-басқыш алып таслаўды жобаластырмақта.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz