Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.04.2020 13:16
  • 1442

1-майдан баслап нелер өзгериўи күтилмекте?

1-майдан баслап нелер өзгериўи күтилмекте?
ӨзР Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы 2020-жыл 1-майдан баслап республикада күтилип атырған өзгерислер ҳаққында хабар берди.

1) Аи-80 бензининиң баҳасын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бийкар етиледи

Аи-80 маркалы автомобиль бензини ҳәм дизель жанармайының (соның ишинде ЭКО маркалы дизель жанармайы) усақлап сатыў баҳаларын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў бийкар етиледи ҳәм нефтьти қайта ислеў заводлары тәрепинен оларды сатыў тек ғана биржа саўдалары арқалы әмелге асырылады.

2) Медициналық шөлкемлерде халық медицинасы бөлмелери ашылады

Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын, мәмлекетлик мәкеме формасындағы юридикалық тәреп статусына ийе болған Республикалық халық медицинасы илимий-әмелий орайы шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, медициналық жоқары оқыў орынларында ҳәм Әбиў Әли ибн Сина атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумларында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Халық медицинасын раўажландырыў орайлары шөлкемлестириледи.

Соның менен бирге, район (қала), ўәлаят ҳәм республикалық дәрежедеги мәмлекетлик көп тармақлы медициналық мәкемелерде және мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерде халық медицинасы бөлмелери ашылады.

3) Аймақлар дәрилик өсимликлерди жетистириў бойынша қәнигелестириледи

Дәрилик өсимликлерди жетистириў, сақлаў, бирлемши ямаса терең қайта ислеў кластерлери шөлкемлестириледи, сондай-ақ, аймақлар дәрилик өсимликлерди жетистириў бойынша қәнигелестириледи.

4) Алкоголь ҳәм темеки өнимлерине жаңа үлгидеги акциз маркалары енгизиледи.

5) Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары және ресурсларында мәлимлемени қәлиплестириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў тек ғана төмендеги ислеп шығылған идентификаторлардан пайдаланған ҳалда әмелге асырылады:

- физикалық тәреплер – физикалық тәрептиң жеке идентификациялық номери (ФТЖИН);
- юридикалық тәреплер – салық төлеўшиниң идентификациялық номери (СТИН);
- көшпес мүлк – кадастр номери;
- мәнзиллер – географиялық код;
- транспорт қураллары – транспорт қуралының идентификациялық номери.

6) Бақша пулы муғдарлары өзгереди

Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң муғдарлары өзгереди.

7) Бостанлық районында турақ жайды ижараға бергени ушын айрықша салық тәртиби енгизиледи

2020-жыл 1-майдан баслап 2021-жыл 1-майға шекем Бостанлық районында тәжирийбе тәризинде салыққа тартыў объектлерин есапқа алыў ҳәм салық административлигиниң айрықша тәртиби енгизиледи.

Тәжирийбе дәўиринде физикалық тәреплер дем алыў үйлери, дача, жеке тәртиптеги турақ жайлар ҳәм жасаў ушын арналған басқа турақ жайлар, сондай-ақ, айрым мүлк түрлери салық уйымларының таяныш пунктлери тәрепинен салыққа тартыў объектлериниң есапқа қойылғаны ҳаққындағы бийпул берилетуғын гүўалық тийкарында ижараға бериледи.

8) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги жанындағы Жоқары билимлендириўди раўажландырыў изертлеўлери ҳәм алдынғы технологияларды енгизиў орайының директоры мийнетке ҳақы төлеў шәртлери бойынша жоқары оқыў орны ректорына, директор кеңесгөйи ҳәм директор орынбасарлары – жоқары оқыў орны проректорына, басқарма ҳәм бөлим баслықлары – факультет деканына, бас қәниге – үлкен оқытыўшыға, жетекши қәниге – оқытыўшыға теңлестириледи.

9) Мәмлекетлик қурылыс қадағалаўында жаңа тәртип енгизиледи

Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы ҳәм аймақлық инспекциялар тәрепинен қурылысы жуўмақланған объектлерден пайдаланыўға рухсат бериў тәртибин енгизе отырып, қаржыландырыў дәреклерине қарамастан қәўип-қәтер категориясы төмен объектлерди пайдаланыўға қабыллаў бойынша әмелдеги тәртип-қағыйдалар бийкар етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын