Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жыл 7-майда Кегейли районында (Ҳәзир Нөкис районының аймағында) туўылған.
«Секретарm», «Муғаллимге рахмет», «Соңғы ҳүжим», «Суўық тамшы», «Қарақалпақ қызы», «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» («Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы), «Қарақалпақнама», «О дүньядағы атама хатлар» ҳәм басқа да көплеген гүрриң, повесть ҳәм романларының китаплары басып шығарылған. Жазыўшының дерлик бәрше шығармалары өзбек ҳәм жәҳәнниң бир қатар тиллерине аўдарылды.
Атақлы жазыўшының атын мәңгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы үлкен көшелерден бири Төлепберген Қайыпбергенов аты менен аталады. Ташкенттеги Жазыўшылар бағында оның саўлатлы естелиги орнатылған. Жазыўшы бурынғы аўқам мәмлекетлик сыйлығы, М.Қашғарий, М.Шолохов халықаралық сыйлықларының ийеси.
Өткен жылы Төлепберген Қайыпбергенов туўылғанының 90 жыллығы кеңнен белгиленди. «Ижод» жәмийетлик қоры тәрепинен қарақалпақ прозасы кәрўанбасшысының таңламалы шығармалары басып шығарылды. Сондай-ақ, «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ҳәм повестлер топламы қарақалпақ тилинде қайта жарық көрди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz