Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.05.2020 16:11
  • 958

Академик Сабыр Камалов саўашта қалай аман қалды?

Академик Сабыр Камалов саўашта қалай аман қалды?

Марҳум белгили илимпаз, академик Сабыр Камалов урысқа кеткен ўақытта жүдә жас болған. Фронтта жүрген ўақтында аўылды оғада сағынады. Бир күни окопта түсликке тарқатылған азық-аўқатлар менен бирге келген балық консервасы да қолына түседи. Тосаттан консерва кутысының сыртына оралған қағаздағы жазыўына көзи түсип қалады. Қараса – «Мойнақта ислеп шығарылған». Тап аўылын көргендей қуўанып, қасындағы әскерлерге мақтанып көрсетип шығады.
Аўылды сағынғаны соншелли консерваны ашпай сумкасына салып, ийнине таслаған ҳалында саўашқа кирисип кетеди. Қардай борап турған оқтың бири арқасына тийип ушырып түсиреди. «Өлген жерим усы шығар» деп аз-маз жатады, бирақ арқасында аўрыў сезбейди. Дәрҳал өзин тиклеп, сумкасын шешип қараса, оқ сумка ишиндеги консерва қутысына тийген екен. Солай етип, Мойнақтың консерва қутысы әскерди аман сақлап қалған қурал сыпатында фронттағы дослары арасында әпсанаға айланып кетеди.
Сабыр Камалов урыстан қайтып, Қарақалпақстанда илим-билимниң раўажланыўына үлкен үлес қосты. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлимин узақ жыллар басқарып, академик дәрежесин алды ҳәм «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықланды.
Мархум академик Сабыр Камаловтың басынан өткен усы ўакыяны оның өмирлик жолдасы, жазыўшы Гүлайша Есемуратова да тастыйыклайды.
Екинши жержүзилик урыс жыллары Мойнақ консерва заводынан 10 миллион данадан артық консервалар фронтқа жиберилип турған. Урыстан кейин болса ислеп шығарыў муғдары 22 миллион данаға жеткизилди.
Арал теңизи толып тасып турған дәўиринде мыңлап адамларды жумыс пенен бәнт еткен, 3 сменада жумыс болған, кейиншелик теңиз қурыўы менен жумыс барысы төменлеп барған.
2000-жылларға келип толығы менен жемирилиўге жүз бурған Мойнақ балық консерва заводы бүгинлиги қайтадан бой тиклеп, пүткил мойнақшыларды бахыт қушағына бөлемекте.

Есимқан Қанаатов, ӨзА
Қаллы Айымбетов атындағы \"Халық даналығы\" клубы ағзасы.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай