Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.05.2020 17:01
  • 1890

Карантин 10-майдан баслап жуўмақланды ма?

Карантин 10-майдан баслап жуўмақланды ма?
Хабарыңыз бар, Өзбекстанда 23-март күнинен баслап қатаң карантин илажлары енгизилип, бул илажлар дәслеп 20-апрельге шекем етип белгиленген еди.

18-апрель күни арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 20-апрельге шекем даўам етиўи белгиленген карантин шеклеўлери 10-майға шекем узайтылды.

29-апрель ҳәм 7-май күнлери Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилген видеоселектор жыйналысларында коронавирус пенен байланыслы жағдай унамлы тәрепке өзгерип барыўы себепли карантин талапларын басқышпа-басқыш жумсартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, 7-май күни өткерилген жыйналыста Президентимиз тәрепинен аймақларды категорияларға ажыратыўды район ҳәм қалалар дәрежесинде белгилеў атап өтилди.

Сонлықтан, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-майдағы жыйналыс протоколына муўапық, республикада коронавирус инфекциясының тарқалыў жағдайының аймақлар кесиминдеги анализи, кеселлик анықланған наўқаслардың емлениў динамикасы жағдайынан келип шыға отырып, республикамыздың аймақлары усы жылдың 11-май сәнесинен баслап район ҳәм қалалар дәрежесинде категорияларға ажыратылды.

Қарарға муўапық, Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районлары «қызыл» ҳәм «жасыл» категорияларға ажыратылды:

«қызыл» категорияға – Нөкис қаласы ҳәм Қоңырат районы;

«жасыл» категорияға – Тахтакөпир, Мойнақ, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў, Кегейли, Нөкис районы, Хожели, Тақыятас, Шоманай, Беруний, Әмиўдәрья, Елликқала, Төрткүл районлары киргизилди.

Бунда:

- «сары» ҳәм «қызыл» категориядағы аймақларда коронавирус инфекциясы анықланбаған район ҳәм қалалар «жасыл» категорияға киргизилди;

- «жасыл» ямаса «сары» категориядағы аймақтың белгили бир районында (қаласында) коронавирус инфекциясы анықланатуғын болса, барлық аймақтың категориясын өзгертпестен, тийисли районның (қаланың) өзин «қызыл» категорияға өткериў белгиленди;

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги коронавирус инфекциясының тарқалыў жағдайының ҳәр бир район ҳәм қалалар кесиминдеги анализи, кеселлик анықланған наўқаслардың емлениў динамикасы жағдайынан келип шыға отырып, район ҳәм қалалардың категориясын өзгертиў бойынша турақлы түрде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимликлерине усыныс киргизип барыўы атап өтилди.

Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, район ҳәм қалаларды тийисли категорияларға ажыратқан ҳалда карантин талапларын басқышпа-басқыш бийкар етиўде төмендеги талаплар сақланып қалынды:

- социаллық аралықты (2 метр) сақлаў, 3 адамнан артық топланбаў, пуқаралардың медициналық нықаптан ҳәм антисептик қураллардан пайдаланыўы;

- билимлендириў мәкемелери (бақша, мектеп, лицей, колледж, техникум, институт, университет ҳәм басқалар), оқыў курслары жумысларын жолға қоймаў;

- кеўил ашар объектлер – түнги клублар, дискотека, ресторан, кафе, асхана, чайхана, спа ҳәм массаж салонлары, караоке, бильярд заллары, шылым (кальян) ҳәм компьютер ойынлары орайларының жумысларына жол қоймаў;

- барлық түрдеги ғалабалық илажлар – концерт, театр, кинотеатр, музей, спорт илажлары, шаңарақлық салтанат, той, мереке ҳәм мәресимлерди (жерлеў мәресимлери 10-15 адамнан көп болмаған жағдай буған кирмейди) өткермеў;

- жәмийетлик транспортлардың ҳәрекетине рухсат бермеў;

- дийқан базарлары ҳәм азық-аўқатлық саўда орынларының (супермаркет ҳәм басқа үлкен дүканлар) кирип-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептик қураллар менен тәмийинлеў және ҳәр бир пуқараның дене температурасын өлшеп, 37°С ҳәм оннан жоқары болған жағдайда, усы комплекске киргизбеў илажларын көриў;

- барлық шөлкемлердиң кирип-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептик қураллар менен тәмийинлеў және хызметкерлер тәрепинен социаллық аралықты (2 метр) сақлаған ҳалда жумыс ислеўин тәмийинлеў ушын биринши гезекте басшылардың жеке жуўапкер болыўы;

- қурылыс-оңлаў жумысларында объектлердиң аймағы толық карантинге алыныўы ҳәм аймақлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайлары менен биргеликте объектлерде санитариялық-гигиеналық илажлардың әмелге асырылып барылыўы. Бунда усы шөлкемлердиң жумыс алып барыў дәўиринде санитариялық ҳәм гигиеналық қағыйдаларға толық әмел етиўи, өз жумысларын тек ғана тийисли объект аймағы шеңберинде шөлкемлестириўи көрсетип өтилди.

Демек, карантин илажлары республикамыз бойынша район ҳәм қалалар көлеминде «қызыл», «сары» және «жасыл» категорияларға бөлинген ҳалда даўам етеди және жағдайға қарап өзгертилип барылады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

    Министрлер Кеңесиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, – Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Фото: Шухрат Латипов / “Gazeta.uz”   Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет...

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

Қараўсыз қалған ҳайўанларды услап алған шахс оны ийесине қайтарыўы керек

    Пуқаралық кодекстиң 195-статьясына тийкарланып, қараўсыз ямаса адасып қалған шарўа малларын яки баска қараўсыз үй ҳайўанларын