ӨзР Әдиллик министрлиги 2020-жыл 1-июньнан баслап өзгерислер болатуғын тараўлар ҳаққында хабар берди.
1) Айрым исбилерменлер мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден ўақытша азат етиледи2020-жылдың 1-июнь күнинен 1-сентябрьге шекем төмендегилер мүлк салығы ҳәм жер салығын төлеўден азат етиледи:
- киши исбилерменлик субъектлери;
- базарлар ҳәм саўда комплекслери;
- кинотеатрлар;
- улыўмалық аўқатланыў орынлары;
- жәмийетлик транспорт кәрханалары;
- спорт-саламатластырыў мәкемелери;
- жолаўшы тасыў, турмыслық хызмет көрсетиў, имаратларды, соның ишинде, банкетлер өткериў ушын ижараға бериў жумыслары менен шуғылланатуғын юридикалық тәреплер.
2) Напақа алыўшылар саны көбейтиледи14 жасқа толмаған балалары болған шаңарақларға напақа, бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа және материаллық жәрдем алыўшылар саны қосымша 10 процентке көбейтиледи.
3) Фитобарлар шөлкемлестириледиМедициналық мәкемелер, соның ишинде, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық врачлық пунктлерде, сондай-ақ, басқышпа-басқыш барлық министрлик ҳәм мәкемелерде, Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропорты және жергиликли аэропортларда, барлық түрдеги автовокзал, темир жол вокзалларында, базарлар, санаторий-курорт мәкемелеринде және басқа халық көп топланатуғын орынларда фитобарлар шөлкемлестириледи.
4) Бир қатар темеки өнимлерине акциз салығы киргизиледиИмпорт етилетуғын қыздырылатуғын темеки өнимлери, шегилетуғын, шайналатуғын, ийискеленетуғын, сорылатуғын (снюс), шылым ушын темеки, никотинли темекисиз снюс, қурамында никотин болған суйықлықларға акциз салығы киргизиледи.
Сол себепли, Өзбекстан аймағына алып кирилетуғын, акциз салығына тартылатуғын товарларға акциз салығы ставкалары қосымша позициялар менен толтырылады.
Оған муўапық, бир қатар темеки өнимлериниң акциз салығы ставкаларының муғдарлары белгиленди.
Атап айтқанда, 2020-жыл 1-июньнан шегилетуғын темекиниң 1 килограмы ушын 25 АҚШ доллары муғдарында акциз салығы салынады.
5) Жергиликли экспорт етиўшилер транспорт қәрежетлериниң бир бөлими мәмлекет тәрепинен қапланадыЖергиликли экспорт етиўшилерге жүклерди автомобиль ҳәм ҳаўа транспорты арқалы экспорт етиў қәрежетлериниң бир бөлимин мәмлекет тәрепинен қаплаў, сондай-ақ, исбилерменлердиң инфраструктура пайда етиў бойынша қәрежетлериниң бир бөлими ушын компенсация төлеў механизмлери енгизиледи.
6) Ўәкилликли уйымлар исбилерменлерге лицензия алыў ушын зәрүр болған шараятларды жаратыўға жәрдем бередиИсбилерменлерге лицензиялар ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе басқа ҳүжжетлерди бериўде кадрлардың профессионал тәжирийбеси, усыныс етилген ҳүжжетлер ҳәм бағдарламалардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талапларға, имарат ҳәм объектлердиң – санитариялық-эпидемиологиялық талапларға ҳәм өрт қәўипсизлиги талапларына жуўап бермейтуғынлығы себепли бийкар етиўге жол қойылмайды.
Бунда ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар исбилерменлерге тәжирийбели кадрларды излеў, ҳүжжетлер ҳәм бағдарламаларды қайта ислеў ушын қәнигелерди шақырыў және лицензиялар ҳәм рухсат бериў өзгешелигине ийе басқа ҳүжжетлерди алыў ушын басқа зәрүр болған шараятларды жаратыўда жәрдем бериўи керек, талабанның усыныс етилген жәрдемнен бас тартыў жағдайлары буған кирмейди.
7) Металл прокаттың ҳәр бир орамына сапасы ҳаққындағы ҳүжжет қосымша етиледиСатылып атырған ҳәм өндиристе пайдаланылып атырған металл прокаттың ҳәр бир орамына ислеп шығарыўшы (импорт етиўши) тәрепинен сапасы ҳаққындағы ҳүжжет қосымша етилиўи керек.
Сапасы ҳаққындағы ҳүжжет техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлер талапларына муўапықлығы бойынша сынаўлардың унамлы нәтийжелери тийкарында рәсмийлестириледи.
Бунда ислеп шығарыўшыларда тийисли өндирислик лабораториясы болмаса, металл прокатты басқа сынаў лабораторияларында сынаўдан өткериўге жол қойылады.
8) «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик оқ-гильзотекасының жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарардың пуқаралық ҳәм хызмет оқ атар қуралын қадағалаў тәртибинде атыў бөлими күшке киреди.
9) Юридикалық тәреплер биржа ағзалары сыпатында аккредитациядан өткериледиТөмендегилерди нәзерде тутыўшы тәртип енгизиледи:
- товар сегментлери бойынша биржа саўдаларын өнимниң өзине тән өзгешеликлерин есапқа алып ҳәм биржа ағзаларына пайдаланыў ҳуқықын берген ҳалда айрықша секцияларда өткериў;
- өнимди секция принципи бойынша сатыўды тәмийинлеў ҳәм брокерлик орынларын биржаның рәсмий веб-сайты арқалы усыныў бойынша ашық-айдын механизмди есапқа ала отырып, юридикалық тәреплерди биржа ағзалары сыпатында аккредитациядан өткериў;
- биржа саўдасы қағыйдалары талапларына муўапықлығы бойынша жумыс алып баратуғын биржа ағзаларының көнликпе дәрежесин ҳәр 3 жылда турақлы түрде анықлаў.
10) Ғәлле жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын кредитлер ажыратыладыФермер хожалықлары, ғәллешилик кластерлери ҳәм Туқымгершиликти раўажландырыў орайы қурамында элита туқымгершилик хожалықларының ғәлле жетистириў бойынша қәрежетлерин қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12 айлық мүддетке шекем ғәллениң улыўма өними жәми баҳасының 40 процентине шекемги болған муғдарда қаржыландырылғанда жыллық 10 процент, 50 процентке шекемги болған муғдарда қаржыландырылғанда жыллық 12 процентлик ставкадан (соннан банк маржасы 2 процент) өтип кетпеген муғдарда кредитлер ажыратылады.
Мүлкшилик формасына қарамастан, тек ғана дәнди қайта ислейтуғын кәрханалар және дәнди қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған ғәллешилик кластерлери тәрепинен республикада жетистирилген ғәллени сатып алыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 12 ай мүддетке шекем 50 миллиард сумға шекемги муғдарда коммерциялық кредитлер ажыратылады.
Ислам Матеков.