Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2020 15:58
  • 1289

15-июньнан баслап республикадан шығыў ҳәм сырт еллерден кирип келиўге кимлерге рухсат берилди?

15-июньнан баслап республикадан шығыў ҳәм сырт еллерден кирип келиўге кимлерге рухсат берилди?
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, усы жылдың 15-июнь сәнесинен баслап төмендеги категориялардағы адамларға авиарейслер арқалы санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған мәмлекетлерге:

А) Өзбекстан Республикасы кириў ҳәм республикадан шығыўға рухсат берилди:

- сырт еллердиң дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консульлық мәкемелериниң хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары;

- инвестициялық жойбарлар шеңбериндеги Өзбекстан Республикасында жумыс алып барып атырған сырт ел компаниялары ҳәм басқа шөлкемлердиң қәнигелери;

- емлениў ушын елимизге киятырған (елимизден шығып баратырған) адамлар;

- сырт еллерде жақын ағайин-туўысқанлары ямаса аўыр наўқасланған ағайин-туўысқанлары болған адамлар;

- сырт еллердиң дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консульлық мәкемелериниң сораўлары тийкарында Өзбекстан Республикасы арқалы басқа мәмлекетлерге алып өтилип атырған (транзит ҳәрекетленип атырған) адамлар;

- Өзбекстан Республикасында турақлы түрде дизимге алынған сырт еллердиң пуқаралары, турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған адамлар, сондай-ақ, сырт еллерде турақлы дизимге алынған Өзбекстан Республикасының пуқаралары;

Б) Оқыў ҳәм жумысларын даўам еттириў ушын пуқараларға Өзбекстан Республикасынан шығыўға рухсат берилди. Бунда авиарейслер санитариялық қағыйдалар ҳәм нормаларға қатаң әмел еткен ҳалда шөлкемлестириледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,