Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.06.2020 16:05
  • 1179

Республикамызға қайсы мәмлекетлерден кирип келгенлер карантинге алынбайды?

Республикамызға қайсы мәмлекетлерден кирип келгенлер карантинге алынбайды?
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасына:

- санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған (жасыл рейслер) – Япония, Қубла Корея, Қытай Халық Республикасы ҳәм Израиль мәмлекетлеринен (соңғы 14 күн усы мәмлекетлерде болып турған) кирип келген адамлар карантин бақлаўына алынбайды;

- коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азайған (сары рейслер) – Европа Аўқамы, Малайзия, Таиланд, Сингапур мәмлекетлеринен (соңғы 14 күн усы мәмлекетлерде болып турған) кирип келген адамлар 14 күн даўамында үй карантини бақлаўына алынады;

- коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары азаймаған (қызыл рейслер – эвакуациялық рейслер) – қалған басқа мәмлекетлер, соның ишинде, БАӘ, Түркия, Иран, Аўғанстан, Россия ҳәм басқа ҒМДА мәмлекетлеринен кирип келген адамлар 14 күн даўамында карантин бақлаўы астында болады.

Санитариялық-эпидемиологиялық жағдай турақлы болған ҳәм жақсыланып атырған мәмлекетлерде авиарейс қатнаўы күнине шекем үзликсиз 14 күннен кем болған, сондай-ақ, аўыр санитариялық-эпидемиологиялық жағдай сақланып қалып атырған мәмлекетлерден транзит арқалы кирип киятырған адамларға Өзбекстан Республикасына келиў ушын авиабилетлери реализацияланбайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы