Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен Мойнақ районында «Шайырлар қыябаны» қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында «New Muynak City» каналы хабар берди.
Бул жерге қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен ҳәм халықлары поэзиясының белгили ўәкиллери Әлийшер Наўайы, Әжинияз Қосыбай улы, Бердақ Ғарғабай улы, Күнхожа Ибрайым улы, Абай Қунанбай улы, Мақтумқулы пырағый, А.С.Пушкинлердиң бюстлери орнатылды.
«Шайырлар қыябаны» жаслардың руўхый ҳәм мәдений дәрежесин арттырып, тек ғана мәмлекетимиздиң емес, соның менен бирге, қоңсылас халықлардың дөретиўши тулғаларының мийнетлери менен танысыў, китапқумарлыққа қызықтырыў ушын хызмет етеди.
Қыябанда мәдений илажлар – әдебият кешелери, шайырлар менен ушырасыўлар ҳәм басқа да бир қанша көргизбелерди өткериў мүмкин. Соның менен бирге, ҳәр бир бюст жанында шайырлардың белгили қосық қатарлары жазылған китап көринисиндеги исталляциялар орнатылған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz