Telegram karinform

Жәмийет

  • 09.07.2020 12:31
  • 1381

Ертеңнен баслап карантин шеклеўлери күшейтиледи. Қайсы тараўлардың жумыслары тоқтатылады?

Ертеңнен баслап карантин шеклеўлери күшейтиледи. Қайсы тараўлардың жумыслары тоқтатылады?
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 10-июльдан баслап 2020-жыл 1-августқа шекем республика бойлап төмендеги карантин шеклеўлери енгизиледи:

- автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўи шекленеди;

- мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тийкарғы жумысларына тәсир етпеген ҳалда нызамшылықта белгиленген тәртипте мийнет дем алысына шығарылыўы, қалған бөлиминиң жумысларын максимал дәрежеде аралықтан турып (онлайн ямаса дистанцион тәризде) шөлкемлестириў белгиленди;

- мәмлекетлик уйымлар, шөлкемлер ҳәм кәрханаларда жыйналыслар өткериў қадаған етиледи, зәрүр жағдайларда жыйналысларды видеоконференц байланыс режиминде өткериў белгиленеди;

- аймақлар арасында автотранспорт қуралларының қатнаўы қадаған етиледи (аўыл хожалығы өнимлерин жетистиретуғын шөлкемлерге тийисли хызмет ҳәм жеке автотранспорт қуралларының ҳәрекети буған кирмейди);

- тамаша, мәдений-кеўилашар ҳәм басқа ғалабалық илажларды өткериў қадаған етиледи;

- той ҳәм басқа шаңарақлық мәресимлерди өткериў қадаған етиледи;

- 65 жастан жоқары болған адамлардың жәмийетлик орынларда, сондай-ақ, халықтың көшелерде ҳәм майданшаларда 3 адамнан артық болып ҳәрекетлениўи шекленеди.

Қарар тийкарында төмендеги объектлердиң жумыслары тоқтатылады:

- парклер ҳәм дем алыў бағларындағы аттракционлар;

- буйым базарлары ҳәм буйымлардың саўдасы менен шуғылланатуғын үлкен дүканлар;

- спорт заллары, фитнес клуб, тренажёр ҳәм бассейнлер;

- шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм мүлкшилик формасына қарамастан мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, оқыў курслары ҳәм ҳәр қандай дөгереклер;

- улыўмалық аўқатланыў объектлери (ресторан, кафе, асхана, чайхана) (жеткерип бериў (кейтеринг) хызмети буған кирмейди);

- санаторийлар, пансионатлар, балалар дем алыў орайлары, мийман үйлери, пляжлар ҳәм басқа дем алыў орынлары.

Сондай-ақ, қарар тийкарында халықаралық авиарейслер ҳәм жүк тасыўлар менен байланыслы төмендеги тәртиплер белгиленди:

- халықаралық авиарейслер сырт еллердеги эпидемиологиялық жағдайды анализлеген ҳалда еки есеге қысқартылады;

- халықаралық жүк тасыўларды әмелге асыратуғын автотранспорт қуралларының басқарыўшылары мәжбүрий тәртипте коронавирус инфекциясын анықлаў бойынша тест тапсырады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,