Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.08.2020 18:54
  • 1061

Қадаған етилген материалларды тарқатқанлар жуўапкершиликке тартылды

Қадаған етилген материалларды тарқатқанлар жуўапкершиликке тартылды
Әмиўдәрья районлық ҳәкимшилик суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1842-статьясында көрсетилген ҳуқықбузарлықларды әмелге асырған бир топар пуқараларға нызам шеңберинде жаза тайынланды.

Атап айтқанда, усы районның «Қыпшақ» АПЖ турғыны, 1993-жылы туўылған пуқара Ш.М. Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласында жумыс ислеп жүргенде, социаллық тармақлар арқалы қол телефонына қадаған етилген диний мазмундағы материалларды жыйнаған ҳәм оларды Өзбекстан Республикасына алып келген.

Сондай-ақ, усы аймақ турғыны, 1988-жылы туўылған Е.Ш. «Одноклассники» тармағында профиль ашып, қадаған етилген диний мазмундағы видео ҳәм баянатларды тарқатып келген.

Маңғыт қаласы турғыны, 1996-жылы туўылған пуқара Х.Р. болса социаллық тармақтағы топарда қадаған етилген диний мазмундағы видеоны тарқатып, ҳуқықбузарлыққа қол урған.

Районлық Ишки ислер бөлими тәрепинен топланған айғақлы дәлиллер, сондай-ақ, айыпланыўшылардың өз айыбын тән алғанын есапқа алып, Әмиўдәрья районлық ҳәкимшилик суды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьялары менен жоқарыда атап өтилген пуқаралар тийисли жуўапкершиликке тартылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы