Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.08.2020 12:24
  • 1086

Жәмийетлик транспортлардың жумысларына қашаннан баслап рухсат берилетуғыны мәлим болды

Жәмийетлик транспортлардың жумысларына қашаннан баслап рухсат берилетуғыны мәлим болды
Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 2020-жыл 17-августтан баслап төмендегилерге рухсат бериледи:

- Аймақлар (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы) арасында автотранспорт қуралларының қатнаўын тиклеў;

- Жәмийетлик транспорт, қала (район) ҳәм қала әтирапы жөнелислери бойынша автобус қатнаўы (метрополитен жумыслары буған кирмейди). Усы транспорт жумысларын шөлкемлестириў ушын:

* ҳәр қатнаўға шығыўдан алдын басқарыў ҳәм кондукторлардың дене температурасы пирометрлерде өлшенип, 37°С ҳәм оннан жоқары болған жағдайда олардың транспорт қуралын басқарыўына жол қоймаў, олардың медициналық нықап ҳәм қолғапта болыўы;
* жәмийетлик транспортта жолаўшылардың медициналық нықапта болыўы ҳәм олар арасында социаллық аралық сақланыўы, медициналық нықапта болмаған жағдайда олардың транспортқа шығыўына жол қоймаў;
* транспорт қуралы турақлы түрде ҳәр қатнаўға шығыўдан алдын (соның ишинде, ҳәр бир орынды) толық дезинфекциялаў зәрүр.

- Диний шөлкемлердиң жумысларына (ҳәр күни дезинфекциялаў жумысларын әмелге асырыў және қатаң социаллық аралықты сақлаў шеклеўлерине әмел етилиўин тәмийинлеген ҳалда). Бунда диний шөлкемлерде жума ҳәм шемби-екшембилик диний хызметлерди ўақытша әмелге асырмаў талап етиледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда