Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.10.2020 13:45
  • 1080

Қараөзекте ишимлик суўы жетип бармаған аймақларға суў тармақлары тартылмақта

Қараөзекте ишимлик суўы жетип бармаған аймақларға суў тармақлары тартылмақта
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Қараөзек районлық филиалы тәрепинен райондағы «Ғәрезсизлик» МПЖ аймағындағы Бердақ көшесине ишимлик суўы тартылмақта.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул арқалы аймақтағы 60 тан аслам шаңарақлар таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.
Қараөзекте ишимлик суўы жетип бармаған аймақларға суў тармақлары тартылмақта
- Жақында аймағымызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси қатнасыўында халықтың мүрәжатлары қабылланған еди. Көшемиз турғынлары менен таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселесинде жәрдем сораған едик. Мине, көп узамай мүрәжатымыз орынланып атыр. Жаратылып атырған шараятлардан миннетдармыз, - дейди Бердақ көшесиниң турғыны Қалбай Айтмуратов.
Қараөзекте ишимлик суўы жетип бармаған аймақларға суў тармақлары тартылмақта
Сондай-ақ, райондағы «Қараөзек», «Қуралпа», «Мәденият» АПЖ аймақларында халықтың суўға болған талабын қанаатландырыў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде артезиан қудықлар қазылмақта.
Қараөзекте ишимлик суўы жетип бармаған аймақларға суў тармақлары тартылмақта
«Өзбекгидрогеология» МУК тәрепинен районда улыўма 34 артезиан қудық қазыў жобаластырылған болып, ҳәзирги ўақытқа шекем 11 орында бурғылаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул