Telegram karinform

Жәмийет

  • 16.10.2020 12:04
  • 1020

Профессор Аманбай Отаров қайтыс болды

Профессор Аманбай Отаров қайтыс болды
Белгили илимпаз, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Аманбай Отаров 81 жасында қайтыс болды.

Аманбай Отаров 1939-жылы ҳәзирги Қанлыкөл районының «Киндик өзек» дийқан-фермер хожалығы аймағында туўылған. Ол орта мектепти табыслы питкергеннен соң, 1958-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының Физика-математика факультетине оқыўға кирип, оны 1963-жылы табыслы питкерип шығады. Буннан соң, 1964-1965-жыллары усы институттың «Улыўма математика» кафедрасында оқытыўшы болып жумыс иследи. Ол 1966-1968-жыллары Киев университети Кибернетика факультетиниң «Есаплаў математикасы» кафедрасында илимий-изертлеўши болды. 1968-1971-жыллары сол жерде аспирантурада оқыды. Аспирантураны питкерип, ӨзРИА Қарақалпақстан филиалының тәбийғый илимлер Комплексли институтында киши илимий хызметкер лаўазымында иследи. 1974-жылы 8-январь күни Киев университети Кибернетика факультетиниң қәнигелестирилген илимий кеңесиниң мәжилисинде 01.01.07 — «Есаплаў математикасы» қәнигелиги бойынша кандидатлық диссертациясын жақлап, математика илиминиң бул тараўы бойынша Қарақалпақстанда биринши илим кандидаты болды.

А.Отаров 1974-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының «Улыўма математика» кафедрасында дәслеп аға оқытыўшы, соңынан доцент лаўазымларында жумыс иследи. Оның басламасы менен 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик университетинде «Есаплаў математикасы» кафедрасы шөлкемлестирилди. Ол 1976-1987, 1992-2000-жыллары усы кафедраның баслығы лаўазымында жемисли мийнет етти.

Илимпазға 1983-жылы доцент илимий атағы, ал, 1992-жылы «Есаплаў математикасы» кафедрасы профессоры илимий атағы берилди. Ол 1989-1995-жыллары университеттиң илимий ислери бойынша проректоры, ал, 1995-1997-жыллары университеттиң экономика ҳәм математика факультетлериниң деканы лаўазымларында жумыс иследи.

Профессор А.Отаров университеттиң илимий ислери бойынша проректоры лаўазымында жумыс ислеген дәўиринде илимий-изертлеў жумысларының тез пәт пенен раўажланыўына, олардың көлеминиң кеңейиўине ҳәм илимий-педагогикалық кадрларды көплеп таярлаў жумысларына салмақлы үлес қосты. Оның басламасы менен университетте 1992-жылы Қарақалпақ филологиясы бойынша кандидатлық диссертация, ал, 1993-жылы докторлық диссертация жақлайтуғын қәнигелестирилген илимий кеңеслер ашылды. Бул Қарақалпақстан илиминиң тарийхында ең ири ўақыялардың бири болды.

А.Отаров — өзиниң есаплаў математикасы тараўындағы көп санлы фундаменталь илимий мийнетлери менен илимий жәмийетшиликте аты белгили илимпаз. Ол 200 ден аслам илимий мақалалардың, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған сабақлықлар ҳәм оқыў әдебиятларының авторы.
Ол улыўма билим беретуғын мектеплерге ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған «Информатика ҳәм есаплаў техникасының тийкарлары», «Информатиканың ҳәм есаплаў техникасының тийкарларын үйрениў» ҳәм басқа да оқыў қуралларын рус ҳәм өзбек тиллеринен қарақалпақ тилине аўдарып, Қарақалпақстанда халық билимлендириў системасының да раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты.

Профессор устаздың көп жыллық жемисли илимий-педагогикалық мийнетлери есапқа алынып, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бир неше ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды. Ал, 1993-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы берилди.

Профессор Аманбай Отаровтың қайтыс болыўы мүнәсибети менен оның шаңарақ ағзалары, туўған-туўысқанлары, шәкиртлери, кәсиплеслери ҳәм барлық жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети

Дүньяда ең көп сатылып атырған смартфонлардың аты мәлим болды

Дүньяда ең көп сатылып атырған смартфонлардың аты мәлим болды

    Сатылымлар рейтингинде Apple биринши орынды ийеледи. Пайдаланыўшылар ең көп қайсы моделлерди сайламақта?   Apple компаниясынын IPhone

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбекстандағы даслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?

Өзбек фотографиясының қәлиплесиўинде биринши өзбек кинооператоры ҳәм фотографы Худайберген Девоновтың хызметлери айрықша орынды ийелейди. Ол тек...