Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.11.2020 16:26
  • 755

«Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы баспадан шығыў алдында

«Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы баспадан шығыў алдында
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында белгили илимпазлар М.Даўлетов ҳәм Ш.Абдиназимовлардың авторлығындағы «Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы басып шығарылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.

Тил – миллеттиң бийбаҳа байлығы. Оның өзлигин көрсететуғын, миллийлигин, тарийхын, мәдениятын, руўхый дүньясын сәўлелендиретуғын қуралы. Оны қәстерлеп-абайлаў – ҳәр бир инсанның миннети.

Тилекке қарсы, бүгинги технологиялар раўажланған дәўирде көпшилик заманласларымыз, әсиресе жасларымыз арасында бул мәселеге немқурайдылық пенен қараў жағдайлары ушыраспақта.

Күнделикли турмыста болатуғын электрон қурылмалар арқалы өза-ара жазылымларда ғана емес, ал, айырым мәмлекетлик мәкемелердиң рәсмий мүрәжатларында да тил нормаларының қопал түрде бузылып атырғанлығының гүўасы болып атырмыз.

«Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабыныӊ басып шығарылыўы мине, усындай қәте-кемшиликлерди сапластырыўға, келешекте тилимиздиң тазалығын, оның дурыс қолланылыўын тәмийинлеўге, халқымыз арасында ана тилимизге болған итибарды және де күшейтиўге, жаслардың билим ҳәм саўатлылығын арттырыўға хызмет етеди.

Қарар тийкарында бул китап 4000 нусқада баспадан шығарылып, республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайларына, улыўма орта билим бериў мектеплерине, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына тарқатылыўы белгиленген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар