Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.12.2020 18:33
  • 954

Түркия университетлеринде қарақалпақ тили үйренилмекте

Түркия университетлеринде қарақалпақ тили үйренилмекте
1-декабрь – Қарақалпақ тили байрамы күни. Сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты онлайн дөгерек сәўбетин шөлкемлестирди. Оған Түркия мәмлекетиндеги бир неше университетлердиң тюркология бойынша қәниге илимпазлары мирәт етилди. Бул ҳаққында «Ишонч» газетасының хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди.

Түркия университетлеринде түркий тиллер қатарында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, фольклоры да үйрениледи.

Эгей университети профессоры, доктор Мустафа Онер, Фират университети профессоры, доктор Ержан Алкая, Памуккала университети докторанты Шейма Гурлайан Түркиядағы университетлерде қарақалпақ тилин үйрениў мәселелери бойынша қызықлы баянатлары менен қатнасты.

Дөгерек сәўбети қарақалпақ тилинде өткерилди.

- Түркиялы көплеген туўысқан халықтың қарақалпақ тилине қызығыўшылығы жоқары екенлиги усы илажға қатнасқан 30 дан аслам түркиялы студентлердиң пикирлеринен мәлим болды, - дейди илаж шөлкемлестириўшиси, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты өзбек тили кафедрасының баслығы, доцент Шаҳло Юлдашева. – Бундай қатнасты өткен жылы Түркияның Анкара университетинде болып өткен тәжирийбе алмасыў процесинде де көрген едик.

Атап өтиў орын, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Түркияның Анкара, Стамбул, Эгей, Фират сыяқлы бир неше университетлери менен бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойған. Оларда тийкарынан студентлер ҳәм педагог-илимпазлардың тәжирийбе алмасыў бағдарламалары нәзерде тутылған.

Түркия университетлеринде қарақалпақ тилиниң үйренилиўи бойынша профессор, доктор Ержан Алкая былай дейди:

- Мен Фират университетинде ноғай, қарақалпақ тиллеринен сабақ өтемен. Биз қарақалпақ тилин тийкарынан китаплар арқалы үйренемиз. Студентлер арасында қарақалпақ тилин үйрениўге болған қызығыўшылық жоқары. Бүгинги илажда усы тилдиң ўәкиллери менен сәўбетлескенимизден оғада қуўанышлымыз.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

Гандбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2022» спорт жарысларының финал басқышында 2-орынды ийеледи

    Усы жылдың 16-20-январь күнлери аралығында Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында ерлер арасында гандбол бойынша «Универсиада-2022» спорт

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

Жәмийетлик баслама: 25-февральды қарақалпақ миллий тағамы жүўери гүртик күни деп жәриялаў усыныс етилмекте

    «Facebook» социаллық тармағының қарақалпақ сегментинде өзиниң тарийх, этнография, мәденият ҳәм көркем өнер ҳаққындағы топлаған материаллары,