Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.01.2021 17:41
  • 863

Төрткүлде героин сатқан пуқара усланды

Төрткүлде героин сатқан пуқара усланды
Усы жылдың 21-январь күни саат 23:00 де Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Төрткүл районында жасайтуғын 27 жаслы Малика Қ. «героин» нәшебентлик затын усы оператив илажға бириктирилген адамға улыўма 700 000 сумға сатып атырған ўақтында илаж қатнасыўшылары тәрепинен айғақлы дәлиллер менен усланған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.

Судқа байланыслы химиялық экспертизаның жуўмағында Малика Қ. дан алынған зат «героин» нәшебентлик заты екенлиги ҳәм оның улыўмалық салмағы 0,02 граммды қурайтуғынлығы көрсетилген.
Төрткүлде героин сатқан пуқара усланды
Дәслепки тергеў процесинде Малика Қ.ға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 273-статьясы 5-бөлими менен жынаят иси ашылған болып, оған «қамаққа алыў» шарасы қолланылған.

Хабарда жазылыўынша, усы түрдеги жынаятлар ушын Жынаят кодексиниң нормаларына муўапық, 10 жылдан 20 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленеди.

Ҳәзирги ўақытта тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

    Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм оннан пайдаланыў, сол сүўрет тийкарында көркем өнер шығармасын дөретиўде сол пуқараның