Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.01.2021 17:01
  • 796

Усы ҳәптеде Жердиң жақынынан үш астероид ушып өтеди

Усы ҳәптеде Жердиң жақынынан үш астероид ушып өтеди
Усы ҳәптениң ақырына шекем Жерге жақын аралықтан өлшеми 100 метрге шекем болған үш астероид ушып өтеди. Бул ҳаққында «NASA»ның Жерге жақын объектлерди үйрениў орайына тийкарланып «Қалампир» жазбақта.

Хабарда жазылыўынша, ертең, 28-январь күни 2021 BZ астероиды Жерден шама менен 2,2 миллион километр аралықтан ушып өтеди. Объекттиң өлшеми 29 дан 65 метрге шекем болыўы анықланған.

Болжаўларға қарағанда, ол Ташкент ўақты менен саат 09:12 де Жерге ең жақын аралықта болады.

29-январь күни оннан үлкенирек 2021 AG7 астероиды Жерге жақын аралықтан ушып өтеди. Объекттиң үлкенлиги 47 метрден 110 метрге шекем болады.

Астероид Ташкент ўақты менен 13:50 де Жерге ең жақын аралықта болады, деп болжанбақта.

Усы күни Ташкент ўақты менен 00:37 де кишилеў көлемдеги 2021 AF7 астероиды Жерден алыс аралықтан ушып өтеди. Оның өлшеми 24 метрден 53 метрге шекем болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...