«Мойнақ ойын бизнеси раўажланған, күни-түни турмысы қайнап атырған қалалар қатарына қосыла ма? Казино нызамшылықта да, динимизде де қадаған етилген. Онда қалай шөлкемлестириледи?
Өзбекстанда туңғыш рет Мойнақта қурылатуғын казино ҳаққында қызықлы мағлыўматларды Мойнақ районының жәмийетлик-сиясий «Арал балықшысы» газетасының 2021-жыл 30-январь күнги 2-санында оқыўыңызға болады», - деп жазды Мойнақ районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.
«Karinform.uz» сайтының редакторы, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Ислам Матеков тәрепинен 2020-жыл 18-декабрь күни Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң 17-сессиясында район ҳәкими Е.Еденбаевқа районда казино шөлкемлестириўдиң әмелдеги нызамшылыққа қай тәризде туўра келетуғынлығы ҳаққында сораў берилген еди.
Район ҳәкими Е.Еденбаев Президент Ш.Мирзиёевтиң 2020-жыл 2-октябрьдеги Қарақалпақстан Республикасына сапары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында Мойнақ районында казино шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасының әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерине 2 ай ишинде өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар бериўди атап өткенлигин мәлим еткен еди.
Еслетип өтемиз, Қарақалпақстанда Лас-Вегастағы сыяқлы азарт ойын зоналары шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлигин дәслеп Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске 2018-жылдағы Мүрәжаты ўақтында атап өткен еди.
Кейин ала 2019-жылдың февраль айында Өзбекстан Бас прокуратурасы инвесторлар тәрепинен Мойнақ районында казино (ойын бизнеси) шөлкемлестириў мәселеси бойынша усыныслар берилгенин тастыйықлаған еди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz