Telegram karinform

Жәмийет

  • 04.03.2021 19:31
  • 961

Тақыятаста автобус дүгип кеткен пияда емлеўханада қайтыс болды

Тақыятаста автобус дүгип кеткен пияда емлеўханада қайтыс болды
Усы жылдың 3-март күни саат 19:39 лар шамасында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министирлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы нәўбетшилик бөлимине келип түскен хабарға муўапық, 3-март күни саат 16:00 лерде Тақыятас районы Н.Сейтмуратов көшесинен өткен 4К4-санлы асфальт жолының 8-километринде жол транспорт ҳәдийсеси жүз берген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди.

Мәлим болыўынша, Хожели районында жасаўшы Р.Х. басқарыўындағы «SAZ NP» маркалы мәмлекетлик белгиси «95 U 160 DA» болған автобус жоқары тезликте ҳәрекетленип киятырып, жолдың пиядалар өтиў жолын кесип өтип атырған пияданы дүгип кетиўи ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийсеси келип шыққан.

Ўақыя ақыбетинде пияда, Хожели районында жасаўшы пуқара М.О. дене жарақатын алып алған жарақаты ақыбетинде Тақыятас районы емлеўханасында өзине келместен қайтыс болған.

Бул ўақыя бойынша Тақыятас районлық ИИБ тергеў топары тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте