
19-20-мартта республикамыз аймағына Каспий теңизи арқалы Кавказ аймақлары үстинде қәлиплескен суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.
18-20-мартта республиканың айырым жерлеринде самалдың тезлиги 17-22 м/с қа шекем күшейиўи күтилмекте, 18-19-мартта 25-28 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.

20-мартта Өзбекстан бойлап жаўын жаўы күтиледи, бирақ Қарақалпақстан Республикасында жаўын-шашын болыўы күтилмейди.
20-мартта ҳаўаның температурасы түнде ҳәм күндиз 10-15 градус жыллы болады.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz