Бүгин, 19-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Ориповтың туўылғанына 80 жыл толыўына арналған «Абдулла Ориповтың дөретиўшилик мийрасының илимий ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық әҳмийети» атамасындағы илимий-әмелий конференция ҳәм көркем әдебий кеше болып өтти.Президентимиздиң 2020-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Қаҳарманы ҳәм халық шайыры Абдулла Орипов туўылған күниниң 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилген илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Өзбек әдебияты ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан белгили шайыр, жәмийетлик ғайраткер, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимниниң авторы, Өзбекстан Қаҳарманы Абдулла Ориповтың тәкирарланбас дөретиўшилик мийрасы, оның Ўатанға муҳаббат, опадарлық ҳәм садықлық сезимин, ең жоқары инсаныйлық пазыйлетлерди көклерге көтерген шығармалары, мазмунлы өмири ҳәм жәмийетлик хызметлериниң халқымыздың руўхый дүньясын жетилистириў, жас әўлад тәрбиясындағы орны айырықша болып есапланады.
Илажда институттың өзбек әдебияты кафедрасы доценти, PhD С.Бекчанова «А.Ориповтың «Соҳибқирон» поэзиялық драмасында тарийхый ҳақыйқатлық ҳәм көркем сүўретлеў», қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы доценти, PhD Т.Төрткүлбаева «А.Орипов поэзиясында дослық, туўысқанлық тематикасы», Қоңырат районындағы 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Ш.Юсупова «Улыўма билим бериў мектеплеринде А.Орипов дөретиўшилигин үйрениў» темаларында баянатлар жасады.
Илажда сөзге шыққанлар Өзбекстан Қаҳарманы, халық шайыры Абдулла Ориповтың өмир жолы, оның поэзиясы, белгили жәмийетлик ғайраткер сыпатында елимиз ҳәм өзбек әдебиятына қосқан үлеси ҳаққында кең түрде тоқталды.
Уллы тулғаны еске алыў, шығармаларын оқыўшыларға жеткериў мақсетинде «Абдулла Орипов замондошлари хотирасида», «Эътироф» атамасындағы китаплар, сондай-ақ, шайырдың өзбек тилиндеги еки томлық «Таңламалы шығармалары», қарақалпақ, рус, инглис тиллерине аўдарма исленген поэзиялық топламлары басып шығарылатуғынлығы атап өтилди.
Абдулла Орипов дөретиўшилиги өзбек миллий поэзиясының классикалық үлгилери сыпатында жоқары дәрежедеги көркемлилиги, логикалық қуўатлылығы, лирикалық сезимлерге бай екенлиги менен әўладлардың руўхый дүньясын байытыўда даўам ете береди.
Илаж даўамында институттың түркий тиллер факультети өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының қәбилетли студентлери тәрепинен Абдулла Орипов дөретиўшилигинен қосықлар оқылып, жыйналған итибарына сахналық көринислер усынылды.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz