26-март күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.Баспасөз конференциясында институт ректоры Б.Отемуратов заманагөй педагог кадрларды таярлап шығарыў, олардың илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланыўы, билим алыўы ушын шараятлар жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар, алдағы ўазыйпалар ҳаққында презентация иследи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында институттың жаңа оқыў имаратын қурыў жумыслары мәмлекетлик бағдарламаға киргизилип, 53 миллиард 689 миллион сумнан зыят қаржы ажыратылған еди. Ҳәзирги ўақытта жаңа имараттың қурылыс жумыслары даўам еттирилмекте.
Соның менен бирге, институттың 400 орынлық студентлер турақ жайының реконструкция жумысларына 3,8 миллиард сум қаржы ажыратылып, жумыслар жедел пәтлерде даўам еттирилмекте.
Быйылғы жылы институттың педагогика, баслаўыш тәлим ҳәм мектепке шекемги билимлендириў факультетлери, сондай-ақ, шет тиллери ҳәм дене мәденияты факультетлери имаратларының реконструкция жумыслары жобаластырылған болып, бул жумыслар ушын сәйкес түрде 6,3 миллиард сум және 7,49 миллиард сум қаржы ажыратылған.
Студентлердиң турақ жайға болған мүтәжликлерин қанаатландырыў ҳәм оларға қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде «Қумбыз аўыл» МПЖ аймағынан 5 этажлы, 1250 орынлық бес студентлер турақ жайының қурылыўы белгиленген. Буның ушын 73 322 023 миллиард сум қаржы ажыратылған.
Және институттың заманагөй спорт сарайы (4,79 миллиард сум), тарийх ҳәм тәбийғый пәнлер факультетлери спорт залы ҳәм үлкен сыйымлылықтағы оқыў аудиториясы, 120 орынлық заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми (4,5 миллиард сум) имаратларының қурылысы жобаластырылған.
Институт студентлери ҳәм профессор-оқытыўшылары, басқа да хызметкерлери, соның менен бирге, институт әтирапында жайласқан мәкан пуқаралар жыйынлары турғынларының бос ўақытларын спорт және саламатластырыў илажларына бағдарлаў мақсетинде түркий тиллер факультети спорт майданшасында ҳәм физика-математика, сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетлери имараты алдында әтирапы қоршалған заманагөй мини футбол майданшасы қурылып питкерилди. Буның ушын институттың бюжеттен тыс қаржылары есабынан ҳәр бир спорт майданшасы ушын 230 миллион сум қаржы ажыратылды.
Илажда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер өз сораўларына институт ректоры, проректорлар, факультет деканларынан толық жуўаплар алды.
Өткерилген баспасөз конференциясы институттың «YouTube» тармағындағы рәсмий каналы арқалы тиккелей эфирде алып көрсетилди.
Ислам Матеков.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz