Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2021 16:08
  • 909

Төрткүлде бир пуқараның өмири сақлап қалынды

Төрткүлде бир пуқараның өмири сақлап қалынды
Усы жылдың 19-апрель күни саат 00:15 те Төрткүл районлық Айрықша жағдайлар бөлиминиң диспетчерлик номерине райондағы «Ғалаба» мәҳәллесиндеги бир турақ жайда өрт жүзеге келгенлиги ҳаққында хабар келип түсти.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, 00:24 те ўақыя орнына жетип барған қутқарыўшылар 5 минуттың ишинде өртти өшириўге ерискен.

Қутқарыўшылар ўақыя орнына жетип келгенде үйде бир адам қалып кеткенин еситиўи менен смена баслығы, лейтенант О.Ўролов, инструктур-қутқарыўшы Қ.Жабборов, өрт бойынша қәниге, сержант О.Абдуллаевлар дәрриў ҳәрекетленип, үйдиң ишинде бийҳуш жатырған пуқара Ж.Ф.ны қутқарған. Пуқараға сол жердиң өзинде биринши медициналық жәрдем көрсетилип, оның өмири сақлап қалынған ҳәм дәрриў районлық емлеўханаға жиберилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.