Хабарыңыз бар, сайтымыз арқалы Төрткүл районы «Анҳорли» МПЖ аймағындағы «Боғяп» каналын қазыўға қатнасып атырған қытайлы пуқаралар тәрепинен цистанхе өсимлигин тергизип алып атырғаны ҳаққында Телеграм тармағындағы «Ekologuz» каналына тийкарланып хабар берген едик.
Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баспасөз хызмети усы жағдай бойынша рәсмий мағлыўмат жәриялады.
Усы жылдың 26-апрель күни усы жағдай бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экологиялық қадағалаў инспекциясы тәрепинен Төрткүл районында үйрениў жумыслары алып барылған. Үйрениўлер нәтийжесинде Төрткүл районы «Анҳорли» МПЖдағы «Боғяп» каналы хызметкери, Қытай Халық Республикасы пуқарасы Жаннинг тәрепинен каналды қазыў жумысларын алып барыў даўамында канал жағасынан шама менен 1-2 кг цистанхе өсимлиги таўып алынып, кептирип қойылғаны мәлим болды.
Сорастырыў нәтийжесинде цистанхе өсимлигиниң тамырларын чайға, аўқатқа салыў ушын алғаны тастыйықланды. Қытай Халық Республикасы пуқарасына Өзбекстан Республикасы Өсимлик дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққындағы нызам талаплары түсиндирилип, бундай жағдай қайталанбаўы ушын сырт ел пуқарасы Жаннингнан түсиник хаты алынды ҳәм жазба түрде ескертиў берилди.
Комитет баспасөз хызметиниң жазыўынша, цистанхе өсимлиги Өзбекстан Қызыл китабына киргизилмеген.
Жергиликли халық арасында «сумгия» деп аталатуғын бул өсимлик ҳәзирги ўақытта тоғай фонды жерлеринде қорғаўға алынған ҳәм белгиленген тәртипте қорғаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Усы орында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети пуқаралардан ана тәбиятқа бийпәрўа болмастан, усы сыяқлы жағдайларға дус келгенде тийисли мәкемелерге мүрәжат етиўин сораған.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz