1921-жылдың 11-июни күни Қараөзек районының Ахунбабаев колхозында туўылған Жуман Қарақулов аўыллық мектепте баслаўыш тәлим алғаннан соң пахташылықта жумыс ислейди. Соңынан муғаллимлер таярлаў курсын тамамлап, мектепте муғаллим болып жас әўладқа тәлим береди.
1942-жылдың февраль айында әскерий хызметке шақырылған ол, 83-таўлы атқышлар Түркистан дивизиясы қурамында Арқа Кавказ, Кубань ҳәм Қырымды душпанлардан азат етиўде қатнасады.
Әсиресе, Жуман Қарақуловтың 1944-жылдың 14-январь күни Керчен ярым атаўын азат етиўдеги қаҳарманлығы, атап айтқанда, бир өзи душпанлар траншеясына басып кирип, 5 фашистти жоқ етиўи нәтийжесинде 3-дәрежели Даңқ ордени менен сыйлықланағанын айтып өтиўимиз лазым.
Буннан соң да саўаш майданында көплеген ерликлер ислеген жерлесимиз Жуман Қарақулов 1944-жылдың октябрь айында Карпат-Дуклин операциясының табыслы әмелге асыўына өзиниң салмақлы үлесин қосады.
Атап айтқанда, ҳәзирги Словакия аймағындағы Звала елатлы пунктиниң 762 бийиклигин ийелеў ушын болған саўашта Жуман Қарақулов қуралласы Романовский пенен биргеликте душпан әскерлериниң ҳүжимлерин мәртлерше жеңип шығып, фашистлердиң траншеясына басып киреди ҳәм екеўи үш саат даўамында бул позицияны услап турады. Бирақ, күшлер тең емес еди ҳәм сонлықтан олар бул траншеяны таслап кетиўге мәжбүр болады.
Ал, келеси күни болса, 2-батальон полкы ҳәм автоматшылар ротасы және тағы да душпанға қарсы ҳүжимге өтип, Жуман Қарақулов траншеяны және бир мәрте басып алыўға миясар болады ҳәм бир неше саат услап турыўға ериседи. Соңынан ол өз қуралласларының душпан дзоты тәрепинен үзликсиз оқ тутыўы нәтийжесинде, ҳүжимге өтиўи тоқтап қалғанлығын көрип, бул душпанды жоқ етиў мақсетинде сол тәрепке қарай жол алады ҳәм қолындағы гранатасы менен тынымсыз оқ жаўдырып турған дзоттағы душпан пулемётына өзиниң көксин қалқан етип бойын таслайды. Жуман Қарақуловтың көрсеткен бул ерлигиниң нәтийжесинде душпан пулемёты жоқ етилип, Ўатанымыз армиясы алға қарай илгерлеўге миясар болады.
СССР Жоқарғы Кеңеси Президиумының 1945-жыл 24-марттағы Пәрманы менен бизлердиң мәрт ҳәм ержүрек жерлесимиз Жуман Қарақулов өлиминен соң, «Алтын жулдыз» медалы ҳәм Советлер Аўқамының Қаҳарманы атағы менен сыйлықланады.
Жуман Қарақулов Карпат таўларындағы Звала аймағында мәңгилик уйқыда жатыр.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиСайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz