1903-жылдың 15-сентябрь күни туўылған Андриан Абрамович Пищулин урысқа шекем Тахтакөпир районында жасап, усы аймақтың әскерий бөлими тәрепинен дәслепкилер қатарында армияға елимизди фашист басқыншыларынан қорғаў мақсетинде шақырылады.
1925-1939-жыллары армия қатарында хызмет еткен ҳәм Омск пиядалар мектебин тамамлаған Андриан Воронеж фронтындағы 3-танк гвардия армиясының 51-танк бригадасы командири сыпатында, қанлы саўашларда өзиниң айрықша ерлигин көрсетти. Әсиресе, аға лейтенант Пищулин 1943-жылдың 22-сентябрь күни Украинаның Черкасский ўәлаяты Григоровка аўылы тусынан жаўынгерлеримиздиң Днепр дәрьясын кешип өтиўде айрықша мәртлик үлгисин көрсетти.
Ол өзи басқарған әскерлер менен душпанлар ийелеп турған плацдармды басып алып, 3 күн даўамында фашистлерге берместен услап турады ҳәм пүткил армияның Днепрди аман-есен кешип өтиўине имканият жаратты. Бизиң мәрт қаҳарманымыз бул саўашта душпан оқларынан аўыр жарақат алды. Бирақ, ол саўаш майданын ҳасла таслап кетпеди.
Тахтакөпир даласынан фронтқа атланған ержүрек жерлесимиз Андриан Абрамович Пищулин 1943-жылдың 24-сентябрь күни саўашта алған жарақаты зардабынан госпитальда қайтыс болады.
Оның саўашларда көрсеткен бул ерлиги СССР Жоқарғы Кеңеси Президиумы Пәрманы менен 1943-жылдың 17-ноябринде ылайықлы баҳаланып оған өлиминен соң Советлер Аўқамының Қаҳарманы атағы бериледи.
Баспасөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz