Алланияз Өтениязов 1936-жылы 1-июнь күни Кегейли районы аймағында дийқан шаңарағында дүньяға келген.
Ол 1956-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)ның шет тиллери факультети инглис тили бағдарына оқыўға киреди ҳәм оқыўын 1962-жылы питкереди.
Студентлик жылларында пахта теримине қатнасып, ҳәр жылы 15-16 тоннадан аслам пахта теретуғын болған. Ол 1962-2002-жыллары Нөкис районындағы 4-санлы мектепте муғаллим болып ислейди.
Алланияз Өтениязов өмирлик жолдасы менен бирге бир ул, еки қызды тәрбиялап, кәмалға келтиреди.
1954-жылдан баслап өзиниң жазғы дем алыс ўақытларын қайыр-сақаўат жумысларына бағышлап, кем тәмийинленген, майыплығы болған ҳәм жетимлерге жай салып бериў менен шуғылланған.
Өмири даўамында 40 турақ жай, 2 мектеп, 30 орынлық 2 балалар бақшасы, 2 медициналық хызмет орны, 1 китапхана имаратын өз мийнети арқасында қурып питкерип, халыққа саўға еткен. 2000-жылы 15 гектарлық майданға бағ егеди.
Алланияз Өтениязовтың бундай мийнетлери жоқары баҳаланып, оған «Өзбекстан селекционерлери» ҳүрметли атағы, «Меҳнат шуҳрати» ордени берилген. Оның өмири ҳәм ийгиликли жумыслары ҳаққында 3 фильм исленди. Оның мийнетлери дүньяда теңсиз атанып, «Гиннес рекордлары» китабына киргизилди.
Ҳүкиметимиз тәрепинен Алланияз Өтениязовтың мийнетлери мүнәсип баҳаланып, 2001-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» ҳүрметли атағы берилди.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz