Қарақалпақстанлы С.О. усы жылдың 27-март күни Қазақстан Республикасының Ақтаў қаласындағы қурылыс объектинде жумыс ислеў ўақтында бесинши этаждан жығылыўы ақыбетинде аўыр дене жарақатын алып, қыстаўлы түрде емлеўханаға жатқарылған.
Өзбекстан Республикасының Ақтаў қаласындағы Бас консульханасы тәрепинен жумыс бериўши менен алып барылған сәўбетлесиўлер нәтийжесинде пуқараның емлеўхана қәрежетлери жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан қапланды. Сондай-ақ, пуқараның анасы К.Т.ға 3 миллион теңге (7000 АҚШ доллары) муғдарында материаллық жәрдем көрсетилген.
Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң хабар бериўинше, пуқара С.О. ҳәм оның анасы Бас консульхана жәрдеминде жумыс бериўшиниң қаржылары есабынан Ақтаў-Үргениш жөнелисиндеи авиарейс арқалы Өзбекстанға қайтарылды.
Пуқара агентликтиң Нөкис филиалы ўәкиллери тәрепинен күтип алынып, арнаўлы медициналық транспортта Нөкис қалалық емлеўханасына алып барылған.
Ҳәзирги ўақытта пуқара шыпакерлер қадағалаўында емленбекте.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz