Telegram karinform

Спорт

  • 21.06.2021 12:09
  • 875

«Ралли Мойнақ-2021»: бас сыйлық қарақалпақстанлыларға несип етти

«Ралли Мойнақ-2021»: бас сыйлық қарақалпақстанлыларға несип етти
Мойнақ районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген «Ралли Мойнақ-2021» автомобиль спорты жарысы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар берди.

Жарыс «А-8», «А-9» автомобиль класслары, «Багги» ҳәм мотоцикллер бойынша өткерилип, онда 51 автомобиль экипажы, 15 мотоцикл ҳәм 10 баггиде жәми 127 спортшы қатнасты. «Кемелер музейи»нен старт алған жарыс қатнасыўшылары Қаражар-Судечье көли-Үстүрт платосы-Арал теңизиниң батыс жағалаўында жайласқан Ақтумсыққа шекемги аралыққа болған маршрут бойлап ҳәрекетленди.
«Ралли Мойнақ-2021»: бас сыйлық қарақалпақстанлыларға несип етти
Қызықлы болып өткен жарыста жеңимпазлар анықланды. Онда «А-8», «А-9» автомобиль класслары бойынша биринши орынларды ийелеген қарақалпақстанлы Ж.Муханов пенен Ш.Темиров, И.Абдикаримов пенен Ш.Сапарбаевларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен Президент саўғасы «Нексия-3» автомашиналары тапсырылды.

«А-8» автомобиль класы бойынша екинши орынды ийелеген Әндижан ўәлаятынан Т.Нарзиқулов ҳәм Қ.Нарзиқуловлар 15 миллион сум, үшинши орынды ийелеген Хорезм ўәлаятынан М.Бегиев пенен М.Аташовлар 7 миллион сум, «А-9» автомобиль класы бойынша екинши орынды ийелеген Жиззак ўәлаятынан Б.Одилов ҳәм С.Муминовлар 15 миллион сум, үшинши орынды ийелеген Жиззақ ўәлаятынан Ш.Хатамов пенен А.Туроповлар 7 миллион сум менен сыйлықланды.
«Ралли Мойнақ-2021»: бас сыйлық қарақалпақстанлыларға несип етти
Баггилер жарысында биринши орынды ийелеген Жиззак ўәлаятынан З.Одиловға 15 миллион сум, екинши орынды ийелеген Самарқанд ўәлаятынан Ф.Атхамовға 7 миллион сум, мотоцикллер жарысында финишке биринши болып келген Бухара ўәлаятынан Б.Ахмедовқа 15 миллион сум, екинши орынды ийелеген Қарақалпақстан Республикасынан Б.Асабаевқа 7 миллион сум, үшинши орынды ийелеген Әндижан ўәлаятынан О.Чоловқа 3 миллион сум ақшалай сыйлық тапсырылды.

Буннан тысқары, спорт мотоциклин басқаратуғын жалғыз спортшы қыз Хорезм ўәлаятынан Г.Ибадуллаева, жарысты шөлкемлестириўде белсене қатнасқан спортшылар және төрешилер шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
«Ралли Мойнақ-2021»: бас сыйлық қарақалпақстанлыларға несип етти
«Ралли Мойнақ-2021»: бас сыйлық қарақалпақстанлыларға несип етти

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

Не только мечтать, но и действовать. Вместе – крепкая семья

    Рашид Ержанов и Амангуль Сейтмуратова готовятся отметить никелевую свадьбу, они вместе уже 12 лет. Семью

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы