Telegram karinform

Технология

  • 05.07.2021 12:22
  • 1047

Өзбекстанда «VPN»нен пайдаланыў ушын жуўапкершилик белгиленген бе?

Өзбекстанда «VPN»нен пайдаланыў ушын жуўапкершилик белгиленген бе?
Көпшиликтиң хабары бар, 2-июльдан баслап Өзбекстан аймағында «Twitter», «TikTok» ҳәм «ВКонтакте» сыяқлы социаллық тармақлардың жумысларында үзилислер бақланды.

Арадан көп өтпестен Өзбекстан Республикасы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы «Шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққында»ғы нызамның 27 прим 1-статьясы талапларына қайшы тәризде Өзбекстан Республикасы пуқараларының шахсқа байланыслы мағлыўматларына ислеў берилип атырғаны ушын кемшиликлер сапластырылғанға шекем жоқарыда келтирилген қосымшаларды ўақытша шеклегени ҳаққында мағлыўмат берди.

Буннан алдын «Facebook», «Youtube» ҳәм усы сыяқлы сайтлар ислемей қалғанда Өзбекстанда «VPN» қосымшалары ғалабаласқан еди. Бул қосымша арқалы белгили бир аймақта блокланған сайт ҳәм социаллық тармақлардан пайдаланыў мүмкин. Соның менен бирге, халық арасында «VPN» қосымшаларынан пайдаланғаны ушын нызамшылықта жуўапкершилик белгиленген, деген пикирлер тарқалмақта.

Инспекция тәрепинен блокланған социаллық тармақлардан «VPN» қосымшасы арқалы пайдаланыўға жуўапкершилик белгиленген бе?

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан нызамшылығында социаллық тармақ ҳәм сайтлардан «VPN» арқалы пайдаланыўды шеклейтуғын ямаса оған салыстырғанда жуўапкершилик белгилейтуғын норма жоқ. Буннан көринип турғанындай, халық арасында «VPN» қосымшасынан пайдаланыў ушын жуўапкершилик болыўы ҳаққындағы түрли пикирлер тийкарсыз.

Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 278 прим 7-статьясында телекоммуникациялық тармақтан нызамға қайшы түрде (рухсатсыз) пайдаланыў ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген. Бирақ, Жынаят кодексиниң усы статьясы «VPN» қосымшасына тийисли емес.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған