Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.07.2021 18:23
  • 861

1-сентябрьден баслап напақа муғдары шаңарақтағы балалар санына қарай белгиленеди

1-сентябрьден баслап напақа муғдары шаңарақтағы балалар санына қарай белгиленеди
Бүгин, 28-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев майыплығы болған, ата-анасының тәрбиясынан ажыралған ҳәм жетим балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары бойынша видеоселектор жыйналысын өткермекте.

Жыйналыста Президент 1-сентябрьден баслап напақа муғдары шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белгиленетуғынлығын атап өтти. Бунда балалардың жасы 14 жастан 18 жасқа шекем, төлеў мүддети 6 айдан 12 айға шекем узайтылады.

Сондай-ақ, «темир дәптер»ге кирген шаңарақлардың 122 мың перзенти, сондай-ақ, 370 мың бағыўшысынан айрылған ҳәм майыплығы болған балаларға мектепке барыўы ушын 500 мың сумнан бериледи.

Қайырқомлық, қәўендерлик ҳәм патронатқа алынған балалар да жоқары оқыў орынларына кириўде Меҳрибанлық үйлери ҳәм Балалар қалашалары питкериўшилери ушын ажыратылған қосымша квотадан пайдаланады.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

Дийқанлардың тәбийий апатлар ҳәм басқа да қәўиплерден көретуғын зыянларын қаплаўдың жаңа системасы жаратылады

    Аўыл хожалығы қамсызландырыўына байланыслы жаңа илажлар: ➖ Зыян муғдары ғәрезсиз экспертлер тәрепинен баҳаланады; ➖ Мәмлекет