Telegram karinform

Спорт

  • 01.08.2021 18:04
  • 1355

Қарақалпақ палўаны Жалғасбай Бердимуратовтың Токио Олимпиадасындағы дәслепки қарсыласы мәлим болды (превью)

Қарақалпақ палўаны Жалғасбай Бердимуратовтың Токио Олимпиадасындағы дәслепки қарсыласы мәлим болды (превью)
Грек-рим гүреси бойынша Токио Олимпиадасына жоллама алған қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов ертең, 2-август күни беллесиўлерге кириседи. Оның дәслепки қарсыласы – армениялы Карапет Чалян болып есапланады. Беллесиў Токио қаласындағы «Макухари Мессе Холл А» спорт сарайында болып өтеди.

77 килограммға шекемги салмақта оның дәслепки қарсыласы болатуғын, 28 жаслы Карапет Чалян 2010-жылдан берли халықаралық ареналарда беллесиўлер алып бармақта. 2013-жылы ол 74 килограмм салмақта жаслар арасында Европа ҳәм жәҳән чемпионы болған.

Сондай-ақ, 2016-жылы Ригада болып өткен Европа чемпионатында бронза, 2019-жыл Минск қаласында болып өткен Европа ойынларында 77 килограммға шекемги салмақта гүмис (финалда россиялы Александр Чехиркинге жеңилип қалған) ҳәм 2020-жылы Римде өткерилген Европа чемпионатында бронза медальларын жеңип алған.

Токио Олимпиадасына жолламаны 2019-жылы 14-22-сентябрь күнлери аралығында Қазақстанның Нур-Султан қаласында болып өткен Жәҳән чемпионатындағы 5-орын нәтийжеси менен қолға киргизген. Усы чемпионатта Чалян бронза медалы ушын болған беллесиўде иранлы Муҳаммедали Абдулҳамид Гераейге 9:6 есабында жеңилип қалған еди.

Карапет Чалян 5-орынды ийелеген сол Жәҳән чемпионатында, көпшиликтиң хабары бар, жерлесимиз Жалғасбай Бердимуратов литвалы Паулиус Галкинасты жеңип, Токио Олимпиадасына жолламаны және бронза медалы ушын имканиятты қолға киргизген еди. Жәҳән чемпионаты бронза медалы ушын болған беллесиўде Жалғасбайдың қазақстанлы Асхат Дилмуҳаммедовты 3:1 есабында жеңип шыққанлығын халқымыз елеге шекем мақтаныш пенен тилге алады.

Соның менен бирге, 2020-жыл Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында өткерилген Азия чемпионатында 3-орын, 2021-жыл Қазақстанның Алматы қаласында болып өткен Азия чемпионатында болса 1-орынды ийелеген, сондай-ақ, еле көпшиликтиң ядынан көтерилмеген, усы жылдың 8-13-июнь күнлери аралығында өткерилген Польша ашық чемпионатында 1-орынды ийелеп, алтын медальды қолға киргизген 24 жаслы қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратовтың ертең, 2-август күни болып өтетуғын Токио Олимпиадасындағы дәслепки беллесиўинде әўмет яр болыўын тилеймиз!

Беллесиў Өзбекстан телеканаллары арқалы 2-август күни азанғы трансляцияларда алып көрсетилиўи күтилмекте.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Карапет Чалян ҳәм Жалғасбай Бердимуратов арасындағы беллесиў жеңимпазы Олимпиада шерек финалында мексикалы Альфонсо Лейва ҳәм россиялы Александр Чехиркин арасындағы беллесиў жеңимпазына қарсы гилемге шығады.

Биз Жалғасбай Бердимуратовтың жеңип шығыўына тилеклес бола отырып, бул ҳаққындағы хабарларды жәриялап барыўға ҳәрекет етемиз.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

Нөкистеги көп қабатлы турақ жайлардың биринде жарылыў жүз берди: Бес адам қайтыс болды

    Усы жылдың 29-январь күни саат 16:15 лерде пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Темир жол» мәкан пуқаралар жыйынындағы

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

Хожелидеги асханада жарылыў жүз берди: Бир адам қайтыс болды, екеўи жарақатланды

    Усы жылдың 25-январь күни Хожели районлық Мәмлекетлик салық инспекциясы қасындағы асханада жарылыў жүз берген. Бир