Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.08.2021 15:30
  • 944

Пенсия ҳәм напақа алыўшылар дыққатына!

Пенсия ҳәм напақа алыўшылар дыққатына!
Хабарыңыз бар, мәмлекетимиз басшысының 2020-жыл 3-декабрьдеги «2021-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-6122-санлы пәрманы тийкарында 2021-жылдың 1-5-сентябрь күнлери республикамызда барлық тараў ўәкилери ушын дем алыс күни деп дағазаланды.

Сол мүнәсибет пенен пуқаралар арасында түсинбеўшиликлердиң жүзеге келиўиниң алдын алыў, пенсия ҳәм напақа алыўшылардың әўерегершилигине жол қоймаў мақсетинде Пенсия қоры ҳәм Халық банки төмендегилерди мәлим етеди:

- сентябрь айы ушын берилетуғын пенсия ҳәм напақа төлемлери нақ пул формасында 6-7-сентябрь сәнесинен баслап әмелге асырылады ҳәм белгиленген мүддетлерге шекем төлениўи тәмийинленеди;

- пенсия ҳәм напақа төлемлерин нақ пулсыз формасында алыўшы пуқараларға қаржылар 6-7-сентябрь күнлери олардың банк пластик карталарына жүклениўи тәмийинленеди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы бойынша Пенсия қоры мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы ПҚ-2753-санлы қарары тийкарында пенсия ҳәм напақа пуллары ҳәр айдың 27-сәнесине шекем толық төлениўи тәмийинленбекте.

Төлемлер тийкарынан ҳәр айдың биринши банк жумыс күнинен баслап, күнлик график тийкарында (дем алыс күнлеринен тысқары) мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм пуқаралардың жасаў орынларына барған ҳалда жеткерип берилмекте.

Karinform.uz

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

    1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады,