
Барлық студентлер стипендия алған ўақытта жүдә қуўанышқа бөленеди. Бир стипендиясын екиншисине жеткермей турып саўатуғын ямаса стипендиясын үнемлеп барлық мүтәжликлерин питкеретуғын студентлер стипендия сөзиниң мәнисин билермекен?
Интернет глобал тармағының энциклопедиясы есапланған Wikipediaда «стипендия — билим алып атырған студентлерге турақлы түрде ҳәр айда ямаса турақлы болмаған түрде берилетуғын финанслық жәрдем» деп көрсетип өтилген.
Оның аўдармасына итибар беретуғын болсақ, «стипендия» латын тилиндеги «stipendium» сөзинен алынған болып, бизиңше «ис ҳақы» мәнисин билдиреди.
Стипендияның бир неше түрлери бар. Олар төмендегише:
Академиялық стипендия — бул өткен сессия нәтийжелерине муўапық, студенттиң пәнлерден үлгериў дәрежесине қарай семестр даўамында берилетуғын пул.
Биринши курс студентлерине дәслепки сессиясын тапсыраман дегенше барлығына теңдей, яғный, минимал түрдеги стипендия төленеди. Бизиң елимизде бул «үшлик» стипендияның муғдарына тең.
Социаллық стипендия — бул нызамда белгиленген тәртипте кем тәмийинленген ямаса жәрдемге мүтәж студентлерге берилетуғын пул.
Атақлы стипендия — пәнлерден жақсы баҳаларға үлгерип атырған студентлерге мәмлекет ямаса жоқары оқыў орны тәрепинен берилетуғын пул. Мысалы ушын, Президент стипендиясы, Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендиясы.
Шөлкем стипендиясы — жоқары оқыў орнын питкергеннен соң жумысқа алыў миннетлемесин алған шөлкем тәрепинен берилетуғын пул.
Бир мәртелик материаллық жәрдем – студенттиң мүтәжилигине қарай семестрине бир мәрте берилетуғын пул.
Елимизде «5» лик стипендиясының муғдары 505 278 сўм, «4» лик стипендиясы 378 959 сўм, «3» лик стипендиясы 252 639 сўм муғдарына тең етип белгиленген.
Еслетип өтемиз, жақында Президентимиздиң пәрманына муўапық, стипендиялардың муғдары көбейтилди. Кейинги мақалаларымызда бул ҳаққында толығырақ мағлыўмат берип барамыз.
Сахибжамал Есемуратова