Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.10.2021 11:39
  • 700

Кегейлиде Жаслар орайының қурылысы басланды

Кегейлиде Жаслар орайының қурылысы басланды
Бүгин, 20-октябрь күни Кегейли районындағы «Нурлы бостан» МПЖ аймағында заманагөй көринисте қурылыўы жобаластырылған Жаслар орайы имаратының ирге тасын қойыў илажы өткерилди.

Илажға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров, Кегейли районы ҳәкими Д.Утемуратов ҳәм сектор басшылары қатнасып, уламалар ҳәм жасыүлкен нураныйлар менен биргеликте басланып атырған истиң қайырлы болыўын, жаңадан бой тиклеўи жобаластырылған дәргайдан қәбилетли жаслар жетилисип шығыўын тилеп, ирге тасын қойды.
Кегейлиде Жаслар орайының қурылысы басланды
Кегейлиде Жаслар орайының қурылысы басланды
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-майдағы «2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы 327-санлы қарарына муўапық, быйыл Кегейли районында Жаслар орайы имараты қурылыўы белгиленген еди, - деп жазбақта Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров өз каналында.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен