Усы жылдың 26-ноябрь күни саат 00:10 ларда Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы аймағынан өтетуғын А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 708-километринде ЖТҲ жүз берген. Бул ҳаққында ӨзР Ишки ислер министрлиги жанындағы Жазаны орынлаў департаменти мәлимлеме хызмети хабар берди.Хабарда жазылыўынша, жазаны орынлаў мәкемесиниң хызметкери И.И. хызмет орнынан өзи жасайтуғын үйине қайтып баратырған ўақытта өзине тийисли болған «Cobalt» маркалы автомашинасын басқарып баратырып, қарама-қарсы тәреплерди ажыратып туратуғын бетон тосыққа урылыўы ақыбетинде жол-транспорт ҳәдийсесине ушыраған.
Ҳәдийсе ақыбетинде транспорт қуралында болған жазаны орынлаў мәкемесиниң хызметкерлери М.Х. ҳәм Х.Х.лар аўыр дене жарақатын алып, ўақыя жүз берген орында, И.И. болса көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан Хожели районлық медициналық бирлеспесинде қайтыс болған.
Ҳәзирги ўақытта усы жағдай бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта, деп жазылған департамент хабарында.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz