Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.12.2021 17:23
  • 550

Қарақалпақстанға «Президент саўғасы» жетип келди. Саўға қурамында балалар энциклопедиясы ҳәм планшетлер де бар

Қарақалпақстанға «Президент саўғасы» жетип келди. Саўға қурамында балалар энциклопедиясы ҳәм планшетлер де бар
Жыл жуўмағында дәстүрий түрде республикамыз бойлап Меҳрибанлық үйлериниң тәрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, Ўатанымыз шегараларын қорғаў ўақтында қайтыс болған ата-аналардың балалары ушын «Президент шыршасы» илажлары өткериледи.

Нөкис халықаралық аэропортында Қарақалпақстанға жиберилген 709 дана «Президент саўғасы» күтип алынды. Бул ҳаққында ҚР Халық билимлендириў министрлиги хабар берди.

12 жасқа шекемги балалар ушын таярланған «Президент саўғасы» қурамына мазалы затлар, оқыў қураллары ҳәм балалар энциклопедиясынан ибарат 21 түрдеги саўғалар киргизилген.

Сондай-ақ, быйылғы жылы Меҳрибанлық үйлери, Балалар қалашалары, Шаңарақлық балалар үйлери және SOS балалар мәҳәллелериниң 12 жастан үлкен болған тәрбияланыўшылары ушын заманагөй планшетлер де саўғалар қурамына киргизилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы ҳәм саўғалары аймақлық ҳәкимликлер қатнасыўында өткерилетуғын «Президент шыршасы» илажларында балаларға салтанатлы түрде тапсырылады.
Қарақалпақстанға «Президент саўғасы» жетип келди. Саўға қурамында балалар энциклопедиясы ҳәм планшетлер де бар
Қарақалпақстанға «Президент саўғасы» жетип келди. Саўға қурамында балалар энциклопедиясы ҳәм планшетлер де бар
Қарақалпақстанға «Президент саўғасы» жетип келди. Саўға қурамында балалар энциклопедиясы ҳәм планшетлер де бар

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли. Қыста...

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

    Негизинде, балалардың аязлаўы суўық яки жыллы ҳаўадан емес, ыссылықтан келип шығады, ҳәдден тыс ыссылық элементлер