Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.02.2022 16:54
  • 1246

«Дослық» каналы бойынан 5 000 долларға жер ажыратып бериўди ўәде еткен пуқара усланды

«Дослық» каналы бойынан 5 000 долларға жер ажыратып бериўди ўәде еткен пуқара усланды
Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармалары тәрепинен Ишки ислер министрлиги менен биргеликте өткерилген оператив илажда пуқара Р.Д. пуқара И.ға таныслары жәрдеминде Нөкис қаласы «Дослық» каналы бойынан 5 000 АҚШ доллары есесине 6 сотых жер майданын алып бериўди ўәде етип, алдын ала 20 миллион сумды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен усланған.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Мәлим етилиўинше, усы жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары тийкарында жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз! (+фоторепортаж)

    Усы жылдың 20-март күни халқымыз ушын ең әзиз байрамлардан бири – Наўрыз үлкен салтанат пенен

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек?

    Пенсия қоры Өзбекстанда жоқары муғдарда пенсияға шығыў ушын нелерге итибар бериў керек екенлиги ҳаққында усыныслар