Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.02.2022 14:31
  • 597

Мектеплер ҳәм бақшалардың алдында тезлик 30 километрден өтпеўи шәрт – Шавкат Мирзиёев

Мектеплер ҳәм бақшалардың алдында тезлик 30 километрден өтпеўи шәрт – Шавкат Мирзиёев
Бүгин, 11-февраль күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында өткерилип атырған видеоселектор жыйналысында мәмлекет басшысы жолларда қатнаўды шөлкемлестириў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў илимий тийкарда болыўы кереклигин атап өтти.

Жыйналыста Юнусободтың Юнус-ата көшесинде 2020-жылы 4 автоавария жүз берген болса, 1 дана светофор орнатыў арқалы 2021-жылда бирде-бир авария болмағанын, Киши айланба жолының Лак-бояў кәрханасының қарсы алдында қарама-қарсы жолды ажыратыўшы тосық орнатыў арқалы авариялардың алды алынғанын мысал етип көрсетти.

Сондай-ақ, пайтахт ҳәм үлкен қалалардағы орайлық көшелерде тезлик шеклеўлерин илимий тийкарда белгилеў кереклиги атап өтилди.

Атап айтқанда, мектеп ҳәм бақшалардың алдында тезлик 30 километрден өтпеўи шәрт екенлиги, айырым ҳәрекет көп болған көшелерде болса ҳәзирги 70 километр сааттан 60 километрге шекем түсириў зәрүрлиги бар екенлиги көрсетип өтилди.

Ислам Матеков,
Karinform.uz.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал