Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 5-марттағы «Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасынан еки студент – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти Еркинай Орынбаева ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиниң 2-курс студенти Зухрахон Мақсадова Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болған еди.Бүгин, 9-март күни Нөкис темир жол вокзалында Мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Педагогика факультети музыкалық тәлим бағдарының 4-курс студенти Еркинай Орынбаева салтанатлы түрде күтип алынды.
Илажға институт жәмәәти, Хожели районы ҳәкимлиги ўәкиллери, Еркинайдың ағайин-туўысқанлары, дослары, сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Еркинай Орынбаева 2001-жыл 27-августта Хожели районында дүньяға келген. Балалығынан миллий қосықларымызды атқарыўға айрықша ықлас қойған Еркинай мектепти питкергеннен соң қызығыўшылығы бойынша Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде устазы Өзбекстан халық бақсысы Ғайратдин Өтемуратовтан бақсышылық өнери ҳәм музыка сырларын үйренди.
2018-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының музыкалық тәлим бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.
Институтта тәжирийбели профессор-оқытыўшылардан тәлим алып, дөретиўшилик пенен қоса илимий басшысы, музыкалық тәлим кафедрасының доценти София Тәжетдинова менен бирге илимий-изертлеў жумысларын алып бармақта.
Еркинай дослары арасында өзиниң шаққанлығы, мийнет сүйгишлиги, билими менен ажыралып турады. Оның көркем өнерге болған қызығыўшылығы жоқары. Мектепте, мәҳәлледе, институтта өткерилетуғын барлық мәдений илажларға, ушырасыў кешелерине турақлы түрде қатнасады.
Ол көплеген халықаралық ҳәм республикалық таңлаўларда, жаслар фестивальларында, Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамлары мүнәсибети менен өткерилетуғын концерт бағдарламаларында белсене қатнасып, дипломлар, ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланған.
– Келешектеги мақсетлерим оғада үлкен. Қарақалпақ бақсышылық өнерин еле де раўажландырыў, дәстанларымыз, қосықларымызды дүнья сахналарында атқарыў менен бир қатарда усы бағдардағы илимий жумысларымды да даўам еттирип, халқымыздың, Президентимиздиң исенимин ақлаўға ҳәрекет етемен. Бул сыйлық мени усы мақсетлериме қарай еле де алға талпындыра береди, - дейди Еркинай Орынбаева.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
Автордың түсирген фотолары.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz