Telegram karinform

Қарақалпақстан

  • 07.05.2022 10:00
  • 651

Қарақалпақ прозасының кәрўанбасшысы

Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов 1929-жыл 7-майда Кегейли районында (ҳәзирги Нөкис районының аймағында) туўылған.


«Секретарь», «Муғаллимге рахмет», «Соңғы ҳүжим», «Суўық тамшы», «Қарақалпақ қызы», «Маманбий әпсанасы», «Бахытсызлар», «Түсиниксизлер» («Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы), «Қарақалпақнама», «О дүньядағы атама хатлар» ҳәм басқа да көплеген гүрриң, повесть ҳәм романлары басып шығарылған.

 

Жазыўшының дерлик бәрше шығармалары өзбек ҳәм жәҳәнниң бир қатар тиллерине аўдарылды.


Атақлы жазыўшының атын мәңгилестириў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы үлкен көшелерден бири Төлепберген Қайыпбергенов аты менен аталады. Ташкенттеги Жазыўшылар бағында оның саўлатлы естелиги орнатылған. Жазыўшы бурынғы Аўқам мәмлекетлик сыйлығы, М.Қашғарий, М.Шолохов халықаралық сыйлықларының ийеси.


«Ижод» жәмийетлик қоры тәрепинен қарақалпақ прозасы кәрўанбасшысының таңламалы шығармалары басып шығарылды. Сондай-ақ, «Қарақалпақ дәстаны» трилогиясы ҳәм повестьлер топламы қарақалпақ тилинде қайта жарық көрди.

 

Karinform.uz

Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз Қосыбай улының  шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

    Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты....

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

    «Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы