
Усы жылдың 19-20-декабрь күнлери Ташкент қалалық «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайы тәрепинен «Адам саўдасына қарсы гүресиў: реинтеграция бойынша нәтийжели әмелият» атамасындағы жуўмақлаўшы конференция өткерилди.

Бул конференцияда мәмлекетлик органлардың ўәкиллери, атап айтқанда, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси, Бас Прокуратурасы, Сыртқы ислер ҳәм Ишки ислер Министрликлери, Ҳаял-қызлар комитети, ўәлаятлардағы адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша шөлкемлердиң ўәкиллери, халық аралық шөлкем ўәкиллери, Қазақстан, Украина, Молдова сыяқлы мәмлекетлерден экспертлер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.


АҚШ Раўажланыў агентлигиниң (USAID) қаржыландырылыўы менен өткерилген конференцияда АҚШтың Өзбекистандағы елшиси Памела Спратлен қатнасты.

Конференцияның тийкарғы мақсети, адам саўдасынан жәбирленгенлерди қоллап-қуўатлаўда миллий ҳәм халық аралық бирге ислесиўди беккемлеў, оларға психологиялық, медициналық жәрдем көрсетиў, жәмийетке араласыўына ҳәм кәсип ийелеўине жәрдем бериў бойынша тәжирийбе алмасыўдан ибарат.
Мағлыўмат ушын, Ташкент қалалық «Истиқболли авлод» социаллық-информациялық орайы 2001-жылы шөлкемлестирилген.

Бул халық аралық конференцияда Қарақалпақстан Республикасынан karinform.uz сайтының редакторы сыпатында өзим де қатнасып, бул теманы онлайн журналистикада сәўлелендириў бойынша көп тәжирийбе топладым.

Сахибжамал Есемуратова