Түнги ўақытта саат 23.00 ден 06.00 ге шекем пуқаралардың тынышлығын ҳәм нормал дем алыўын бузыў, яғный:
- бәлент даўыста қосық айтыў;
- музыка шертиў;
- даўыс сигналларын бериў;
- Үйлерде, турақ-жайлардың коридорлары ҳәм есиклеринде, көшелерде даўсы қатты қойылған телевизор, радиоприёмниклер, магнитофонлар ҳәм даўыс шығаратуғын басқа аппаратуралардан пайдаланыў;
- турақ-жай имаратларында ҳәм сыртында жүдә зәрүр болмаған жағдайда шаўқым шығаратуғын жумысларды ислеў, сондай-ақ, шаўқымға қарсы гүрес талапларын бузатуғын басқа ҳәрекетлерди әмелге асырыў пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги, лаўазымлы шахсларға – үштен бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.