
Бүгин, яғный 9-январь күни Нөкис қаласында жайласқан «Жаслар орайы»нда дәслепки мәрте жаслар пресс клубы шөлкемлестирилди. Онда Өзбекистан жаслар аўқамы ҚР кеңеси баслығы А.Данияров, Халық билимлендириў министри А.Аяпов, ҚР ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлим баслығы, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығы П.Сейтмуратов ҳәм бир қатар жаслар қатнасып атыр. Жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен сораў жуўаплар өткерилмекте.
Сахибжамал Есемуратова