
Өзбекистан жаслар аўқамы ҚР Кеңеси тәрепинен жаслар аўқамы ҳәм «Камалак» сәрдарларына сәрдарлық белгилери тапсырылмақта.

ҚР «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Икрам Абдикаликовтың фейсбук социаллық тармағындағы мағлыўматларға қарағанда, бүгинги күнге шекем сәрдарлық белгилерин тапсырыў Әмиўдәрья районы, Беруний районлары, Хожели ҳәм Нөкис қаласында әмелге асырылған.


Ислам Матеков